Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

bkadirbergenov

Логотип телеграм канала @bkadirbergenov — bkadirbergenov B
Логотип телеграм канала @bkadirbergenov — bkadirbergenov
Адрес канала: @bkadirbergenov
Категории: Блоги
Язык: Русский
Количество подписчиков: 33
Описание канала:

21
Ассалаўма әлейкум, хош келдиңиз!!!
Бул каналда Қарақалпақстанда болып атырған унамлы ҳәм унамсыз өзгерислер ҳаққында жеке пикирлерим ҳаққында таныссаңыз болады.
YouTube: https://www.youtube.com/c/BakhtiyarKadirbergenov

Рейтинги и Отзывы

3.00

3 отзыва

Оценить канал bkadirbergenov и оставить отзыв — могут только зарегестрированные пользователи. Все отзывы проходят модерацию.

5 звезд

1

4 звезд

0

3 звезд

1

2 звезд

0

1 звезд

1


Последние сообщения 4

2022-04-15 07:58:18 «15-апрель — Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни» байрамы менен тараў пидайыларын, мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлерин шын кеўилден қутлықлайман! Дөретиўшилик жумысларыңыз бенен басқалар ҳәўес еткендей ҳүрмет-иззетке бөлене бергейсиз. Жаркын жүзиңиз арқалы бийик мәртебеге ерискейсиз! Қарақалпақ мәдениятын, көркем өнерин әлемге танытыў бахтына Сизлер мияссар болғайсыз. Байрам қутлы болсын!

Ҳүрмет пенен,
@bkadirbergenov
5.7K viewsКадирбергенов Бахтияр, 04:58
Открыть/Комментировать
2022-04-14 17:32:06 Видеоны көриўди усыныс етемен, имканы болса тарқатып жиберсеңиз. Алдыннан рахмет.

@bkadirbergenov
3.7K viewsКадирбергенов Бахтияр, 14:32
Открыть/Комментировать
2022-04-14 17:31:25
Raushan NUR Academy 17 млн сўмлық грант жәриялайды.

Raushan NUR Academy Рамазан айы мунәсибети менен Қарақалпақстанда жасаўшы ,бағыўшысын жоғалтқан ямаса нәгиранлығы бар жигит-қызларға грант жәриялайды.

Бул грант арқалы 30 жас жигит-қызлар "Raushan NUR Academy" да шет тиллерин онлайн ямаса оффлайн үйрениў имкәниятына ийе болады.

Грант шәртлерине көре,сиз не ушын грантқа ылайық екенлигиңиз ҳаққында мотивацион ҳат жазыўыңыз керек болады.Кейин талапкерлер оффлайн сәўбеттен өткизиледи.Сәўбет басқышына талапкерлердиң жазған мотивацион хатынан келип шығып шақырылады.

Барлық басқышлардан әўметли өткен 30 жас жигит-қыз грант жеңимпазына айланады.

Сизда бул имкәниятты қолдан жибермең.Бул грантта билим алыўға ылайық екениңизди дәллилең ҳәм жарқын келешекке қәдем таслаң.

Грантқа усы силтеме арқалы дизимнен өтиң

Еслетпе: грант ушын дизимнен өтиў 2022-жылдың 20-апрелине шекем даўам етеди.20-апрельден 5-майға шекем сәўбет басқышлары болады.Жеңимпазлар менен сабақ 6-майдан старт алады.

@RaushanNUR_Academy
3.5K viewsКадирбергенов Бахтияр, 14:31
Открыть/Комментировать
2022-04-14 17:30:47
Шет тиллерин билиў заман талабы

Сиз тил үйрениўди қәлейсиз, бирақ буған жумысыңыз бенен ўақтыңыз туўры келмей атирма?
Жумысыңызда тил билиў талап қылынадыма?
Тил билиў арқалы жумысынызды аңсатластырыўды қәлейсизбе?

Онда сизди еле ҳешбир оқиў орайларында болмаған, жаңадан ашылатуғын "Деловой русский язык" кешки курсларымызға мирәт етемиз

Курста бизнесменлер ҳәм жумысшылар ушын арнаўлы жумыста, күнделикли турмыста қолланылатуғын сөзлер үйретиледи

Билим алыў ушын ҳешқашан кеш емес

Төмендеги номерге хабарласың +998913783135
яки төменге + белгисин қалдырың

@RaushanNur_Academy
3.6K viewsКадирбергенов Бахтияр, 14:30
Открыть/Комментировать
2022-04-14 14:21:59 2-мирәтнама бүгин кешки саат 21:00 - 22:00 арасында өткериледи.

https://t.me/+GzVnNQ-0FYxmOTcy
4.1K viewsКадирбергенов Бахтияр, 11:21
Открыть/Комментировать
2022-04-13 21:46:43
Техника қәўипсизлиги - 0
Мийнет қәўипсизлиги - 0

Ертең жуўапкер ўәкиллерден жуўап күтемиз. Не ушын түнги 12 де жумыс ислеп жүр екенлигине.

ПыСы: Өз қәлеўимиз бенен ислеп атырмыз деген видео таярламай-ақ қойың, бундай жумысларды өз қәлеўи менен де ислеўге руқсат жоқ.

@bkadirbergenov
6.0K viewsКадирбергенов Бахтияр, edited  18:46
Открыть/Комментировать
2022-04-13 18:55:09 Жаңағы қағазға өзгерис киритиледи. Ол қағаз бенен ҳеш бир мектепке "тексерип" бармайды. Дәслеп ис-қағазларды нызамға сай етип таярлап, соңынан әлбетте алдыннан қайсы мектепке қашан баратуғынлығы ҳаққында график дүзип, оны мектеплерге алдыннан тарқатып, соңынан үйрениўге ямаса тексериўге баратуғын болды.

ПыСы: Егер, лазым тапсам, сол қағазды алған күним өзимде каналға таслайман.

@bkadirbergenov
6.2K viewsКадирбергенов Бахтияр, 15:55
Открыть/Комментировать
2022-04-13 10:26:25
Кеше 1 миратнама өз ийесин тапты. Ертең 2-мирәтнама ойналады.

Қалып қоймаң.

Мирәтнаманы утыў имкәнияты:
https://t.me/+GzVnNQ-0FYxmOTcy

@bkadirbergenov
7.9K viewsКадирбергенов Бахтияр, edited  07:26
Открыть/Комментировать
2022-04-12 22:17:37 ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

2022-жыл 13-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының басшылары тәрепинен көшпели қабыллаў өткериледи.

Қабыллаўда Хожели, Нөкис, Тақыятас районлары ҳәм Нөкис қаласы пуқараларының суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлары тыңланады.

Қабыллаў өткерилетуғын орын: Хожели районындағы педагогика колледжи имараты.

Қабыллаў ўақты: 13-апрель, саат 10:00 ден 13:00
7.0K viewsКадирбергенов Бахтияр, 19:17
Открыть/Комментировать
2022-04-12 18:59:34
Аўыз ашыў, аўыз жабыўда телевизордағы мағлыўматқа исенбең.

Епке келсе жергиликли сайт, телеграм канал (Пәзийлет, нәсият, ҳтб) берген мағлыўматларға қарап әмел етиң.

@bkadirbergenov
7.9K viewsКадирбергенов Бахтияр, 15:59
Открыть/Комментировать