Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

Raushan NUR Academy 17 млн сўмлық грант жәриялайды. Raushan | bkadirbergenov

Raushan NUR Academy 17 млн сўмлық грант жәриялайды.

Raushan NUR Academy Рамазан айы мунәсибети менен Қарақалпақстанда жасаўшы ,бағыўшысын жоғалтқан ямаса нәгиранлығы бар жигит-қызларға грант жәриялайды.

Бул грант арқалы 30 жас жигит-қызлар "Raushan NUR Academy" да шет тиллерин онлайн ямаса оффлайн үйрениў имкәниятына ийе болады.

Грант шәртлерине көре,сиз не ушын грантқа ылайық екенлигиңиз ҳаққында мотивацион ҳат жазыўыңыз керек болады.Кейин талапкерлер оффлайн сәўбеттен өткизиледи.Сәўбет басқышына талапкерлердиң жазған мотивацион хатынан келип шығып шақырылады.

Барлық басқышлардан әўметли өткен 30 жас жигит-қыз грант жеңимпазына айланады.

Сизда бул имкәниятты қолдан жибермең.Бул грантта билим алыўға ылайық екениңизди дәллилең ҳәм жарқын келешекке қәдем таслаң.

Грантқа усы силтеме арқалы дизимнен өтиң

Еслетпе: грант ушын дизимнен өтиў 2022-жылдың 20-апрелине шекем даўам етеди.20-апрельден 5-майға шекем сәўбет басқышлары болады.Жеңимпазлар менен сабақ 6-майдан старт алады.

@RaushanNUR_Academy