Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

bkadirbergenov

Логотип телеграм канала @bkadirbergenov — bkadirbergenov B
Логотип телеграм канала @bkadirbergenov — bkadirbergenov
Адрес канала: @bkadirbergenov
Категории: Блоги
Язык: Русский
Количество подписчиков: 33
Описание канала:

21
Ассалаўма әлейкум, хош келдиңиз!!!
Бул каналда Қарақалпақстанда болып атырған унамлы ҳәм унамсыз өзгерислер ҳаққында жеке пикирлерим ҳаққында таныссаңыз болады.
YouTube: https://www.youtube.com/c/BakhtiyarKadirbergenov

Рейтинги и Отзывы

3.00

3 отзыва

Оценить канал bkadirbergenov и оставить отзыв — могут только зарегестрированные пользователи. Все отзывы проходят модерацию.

5 звезд

1

4 звезд

0

3 звезд

1

2 звезд

0

1 звезд

1


Последние сообщения 184

2021-02-07 21:26:22 Кешегиде, Жоқары Суд пенен ҒХҚ ўәкиллери менен бирге болған брифингти ютуб каналымда туўрыдан-туўры алып шықтым. Дурыс, алдыннан таярлықсыз барғанымыз ушын эфир сапасы төмен болды. Ендиги алдымызда болатуғын пресс-конференциялар, сәўбетлер, брифинглерди сапалы етип халыққа көрсетиў ушын таярлықлар менен бараман.

Ютуб каналыма жазылып алыўды усыныс етемен, егер алдыннан жазылсаңыз трансляцияны өткерип жибермейсиз.

https://youtube.com/c/BakhtiyarKadirbergenov
6.3K views18:26
Открыть/Комментировать
2021-02-07 10:47:08 3-болим уакыяларын азгана тусиндирип берсем;

1-видеоны тусирерде, бизге сол аймак тургынларынан конырау болды. Барсак 3о дан аслам хаял-кызлар МПЖда жыйналып тур екен. Домком кабинетинде, хаяллар сыртта. Иште адам бар шыгар деп менде сыртта куттим. 15-минут отти, бирак иштен хешким шыкпады. Есикти ашып ишке кириуге рухсат сорадым. Иште 1 хаял менен МПЖ баслыгы Кайпназаров Койшыкара ага бар екен. Маган шыгып тур деп, колы менен силтеди. Ойлаган болыуы керек мениде сол жер тургыны деп, сонынан онын силтеуине кулак аспай озимди таныстырдым хам Г. Каньязованыда ишке мират еттим. Сойлесиулери хадден тыс копал еди. Бир амеллеп кондирип сыртка шыгардык. Сонынан, 1-видеоны тусирип алдык.

Ишке кирип 3 даптер хаккында сорадык. МПЖ баслыгы бул 3 даптер хаккында бирде-бир сорауымызга жууап бере алмады. Сонынан, мен булар хаккында билмеймен, бул хаккында Хаял-кызлар менен ислеуши канигемизден соран деп Гулчехра Сапарованы алып келди. Олда келип, кайсы даптер бар екени, кайсы даптер жок екенин, кайсы даптерде ким бар, ким жоклыгын ашык айтып салды. Булардын барлыгын биз видеога алдык. Бул маглыуматлар бизде бар. Хазирги уакытта биз буны изертлеп атырмыз.

Видеодагы саубет болса, мына хаял кызлар маган неге келе береди деп МПЖ баслыгы Гулчехра Сапаровага бакырып атыргандагы аудиозаписи. Корип, еситип турганыныздай МПЖ баслыгынын сол хаялларга деген мунасебети каншелли екенин билиуге болады.

Булда жетпегендей Гулчехра Сапарованын жумыстанда босатпакшы екен. Буны сол жер тургынлары айтты, тургынлар болса оны шыгарып жибериуин калемейди, себеби сол МПЖда жалгыз халыкты тусинетугын адам бул Гулчехра Сапарова деп атыр.

Мен бул хаккында Хакимиятка хабар бердим, сол аймак депутатына хабар бердим. Алдымыздагы хаптеде усы маселелер бойынша халыкты, хакимиятты, депутатларын бир жерге жыйнап, онлайн ютубка шыгараман. Хазир сол ушырасыу жумысларын шолкемлестириу устинде ислеп атырман.

4-болим анык болады.

@bkadirbergenov
6.7K views07:47
Открыть/Комментировать
2021-02-07 10:46:21
Гербиш заводтагы машкалалар. 3-болим.
8.1K views07:46
Открыть/Комментировать
2021-02-07 10:27:18 Гербиш заводтағы машқалалар. 3-бөлим.

Кызылкум МПЖ хаккында алдын ютуб каналыма 2 видео шыгардым.

1-болиминде 3одан аслам хожалык мамлекет тарепинен алыуы керек болган жардем пул, пособия, уходларын ала алмай атырганларын баянладык.




2-болиминде МПЖ баслыгынан хам Нокис каласы алдынгы хакими уаделер берип орынламаганынан сол жер тургынлары наразы екенин корсетип бердик.




@bkadirbergenov
6.1K viewsedited  07:27
Открыть/Комментировать
2021-02-06 22:44:41 ​​Танысың, бул КАМЕРА. Бул ҳәзирги ўақытта ең қудиретли күш. Бул соншелли қудиретли күш, ел-халық билмейтуғын ҳақыйқатларды жүзеге алып шыға алады. Буннан ҳәтте ҳәкимлер, министрлер де қорқады. Халықтың айлап, жыллап сергиздан еткен машқалаларын бирнеше күнде шешим таўып бериў қүдиретине де ийе. Бүгин мен сизге бул қүдиретли қурал кимлердиң қолында екенинде айтаман. Бул қурал ҳақыйқатты елге әшкаралаўшы блогер ҳәм журналистлердиң қолында. Олар бул қуралдан қалай пайдаланыўды жақсы биледи.

Мине, енди усындай қуралға ийе журналистлерге әлбетте "окоп"та жатырған айырым әмелдарлар, қолларында тек ғана, "өтирик", "жала", "шантаж" деген қуралларын иске түсирип, әтирапындағы әпиўайы әскерлерин соларға қарсы жоллап жата береди. Оларда әпиўайы әскерлер соншелли көп биреўи "өлсе" (мақсетине жете алмай шерменде болса), екиншиси дәрриў таяр турады. Қулласы буның адағы жоқ (жақын арада). Тек оларды аямай "ата" бериў керек. Болғаны басқа жолы жоқ екен.

Жалпақ тилде түсиндиремен.

Ҳақыйқатты айтсаң, саған дәрриў шантаж ислеўге өтеди. Қарақалпақта бирде-бир журналист қалмады, ҳақыйқатты айтып/жазып тийисли "жабық есиклер"ге кирип шықпаған. Көпшилик умытқан болар, және бир еслетемен. Бул Нукус Онлайн каналы админи Мустафадан басланды. Өткен жылы оған ГАИ хызметкерлери басым өткерип, қолындағы камераларын алып жоқ қылып жиберген еди. Жоқ қылмаса да болмас еди, себеби сол күни Мустафа "парковкаға тек хызметтеги машиналар турыўға ҳақылы" белгиси жазылған жерде хызмет машиналары емес тек ғана ГАИдеги хызметкерлердиң жеке көликлери турғанын дәлийллеўши видео түсирген еди. Ол шығып кетсе, бул қаракеңде үлкен Резонанс болар еди. Кейин сол хызметтеги айырым аға-инилеримиз Мустафадан кеширим сорап, жоқ болған камераларын төлеп бериўин ўәде етти, бирақ, мине 1 жылдан асты, еле төлеп бергени жоқ. Төлеп бериў былай турсын, енди улыўма "мен алмадым" деп тур. (Қудай сақласын еркеклик сөз бериў қайда, жигитлер?)

Оннан соң, Прокуратураның иси. Буны ҳәмме, ҳәтте пүткил дунья еситип үлгерди. Әйне усы ўақыядан соң, Өзбекстандағы "сөз еркинлиги" рейтинги әдеўир төменлеп кетти.

Сырт елде жүргенде мениң менен де бул жағдай болды, айрым лаўазымлы шахслардың шарапаты менен 5 саат полиция участкасында иркилдим. Ашыўым келгени өз қарақалпағым услап берди, түрк ағайынлерим шығарып берди. Арым келди, сонда.

Нәўбет, Даўлетмурат Тажимуратовқа. Бүгин оған жалалар жаўылмақта. Өзин ақлап алды, себеби юрист.

Бундай жалалар, шантажлар бизлерди тоқтата алмасын жақсы биледи. Дурыс айырым журналистлер жазыўдан тоқтады. Бирақ, олардың тоқтағаның тийкарғы себеплери бул басымлар емес, тек мақсетлери өзгергени. Буны сол жалаларды, шантажларды ислеп отырғанларда биледи. Нәтийже шықпасында биледи. Оларлың тийкарғы мақсети, бизге солай машқалалар туўдырып, сол машқалалар менен әўере болып, тийкарғы мақсетимизден шалғытыў. Буны бизде билемиз.

Бир нәрсени айтып қояйын. Бизлердиң биреўимизге бир "атака" бола ма?, барлығы оны қорғаўға өтемиз, шантаж ислегениң былай турсын, туўылғаныңа пушайман қылып жиберемиз. Исенбей атырсаң ба? Қәне онда даўам ете бериң.

Таңлаў имканиятыңыз өз қолыңызда. Қалең, шантаж, жала жаўып ийт-масқара болың, қәлең Нызамлы түрде талап етип атырған талапларымызды орынлаңда халық алдында жумыс ислеп атырғаныңызды көрсетиң.

ПыСы: Даўлетмурат аға, биз Сизиң менен биргемиз. Басың газды. Кемеге түскенниң жаны бир.

@bkadirbergenov
6.7K viewsedited  19:44
Открыть/Комментировать
2021-02-06 20:15:25
Ең зор саўға бул - китап. Ал, китаплар ишинде ең зор китап бул Қураны Кәрийм. Және де қуўанышлысы бул өз ана тилимде жазылғаны.

Аўылға қайтсам, әлбетте сатып аламан деп нийетлеп едим. Яқ, сатып алмадым, усы китапты қарақалпақ тилине аўдарған Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Бахауддиновтың қолларынан алдым.

@bkadirbergenov
5.9K viewsedited  17:15
Открыть/Комментировать
2021-02-06 19:07:10
Шоманай районы "Китаплар әлеми" не жаңадан китаплар сатыуға қойылды.

Бағдар: хәкимият алдында
Тел: 91.370-48-24

Каналымыз
https://t.me/keleshek_kr
5.8K views16:07
Открыть/Комментировать
2021-02-06 15:28:44
Ayama.uz офиси толық таяр болды. Алла несип етсе, дүйшембиден жумысты жаңа офиста баслаймыз.

@ayamawiz
5.2K views12:28
Открыть/Комментировать
2021-02-06 10:41:40

6.1K views07:41
Открыть/Комментировать
2021-02-06 07:35:52 Ҳәким тәрепинен "уйықлатылған" халық...

Бийпарқ депутатлар...

Ўазыйпасын толық толық атқармайтуғын домком...



6.5K views04:35
Открыть/Комментировать