Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

bkadirbergenov

Логотип телеграм канала @bkadirbergenov — bkadirbergenov B
Логотип телеграм канала @bkadirbergenov — bkadirbergenov
Адрес канала: @bkadirbergenov
Категории: Блоги
Язык: Русский
Количество подписчиков: 33
Описание канала:

21
Ассалаўма әлейкум, хош келдиңиз!!!
Бул каналда Қарақалпақстанда болып атырған унамлы ҳәм унамсыз өзгерислер ҳаққында жеке пикирлерим ҳаққында таныссаңыз болады.
YouTube: https://www.youtube.com/c/BakhtiyarKadirbergenov

Рейтинги и Отзывы

3.00

3 отзыва

Оценить канал bkadirbergenov и оставить отзыв — могут только зарегестрированные пользователи. Все отзывы проходят модерацию.

5 звезд

1

4 звезд

0

3 звезд

1

2 звезд

0

1 звезд

1


Последние сообщения 176

2021-02-22 13:35:25 Бирден сораў-жуўапқа көшип кетипти.

Өткенде ДССМ пресс-конференциясыда дәл усылай болып еди.

Мен Нөкиске жетемен дегенше созып турыңлаааар

@bkadirbergenov
1.2K views10:35
Открыть/Комментировать
2021-02-22 11:58:47
Бүгин саат 15:оо де Қарақалпақстан Республикасы ушын ең баслы мәселе, СУЎ бойынша пресс-конференция болып өтеди.

Бирақ, мен бирақ мен бираз кешигип бараман, себеби, еле районламан. Барған бойым онлайн ютуб каналға шығараман.

Онлайн көриў: https://youtube.com/c/BakhtiyarKadirbergenov
2.6K viewsedited  08:58
Открыть/Комментировать
2021-02-21 21:17:04 ​​Билесиз, хар жылы жыл сонында, Жылдын ен бирзаты, жылдын ен еки заты деп сыйлык береди.

Егер, быйыл жылдын ен кор болганы адамы деген номинация койылса, быйыл созсиз фермерлер алады. Неге? Себеби, хабарыныз бар быйыл суулар кымбатыда, олда жетпегендей фермерлер ушында кымбатыды деген гап-созлер шыгып атыр. Мейли, кымбатса кымбатсын, суу болса болды дейин десе. Быйыл тамшылап суугарыу деген бале шыгып атыр. Онын шланг, бале-бетерин орнатыу 1 гектарга 20 млн болыуы мумкин екен. Ал, мамлекет 1 гектарга 6-8 миллион сум субсидия ажыратады екен. Калган 12-14 миллионды табыу ушын, демек, фермер банкке жууырады. Банклардын ставкалары быйыл кеми 22% (именно усы тарау ушын). Якшы, сонын менен бир ямаса 2 жыл пайда кормей усы тамшылап суугарыуды жолга койып алсан кейни жаксы болып кетеди. Бирак, хазир бул усыл менен тамшылап суугарыуды Каракалпакстанга орнатыудын илажы жок.

1-себеп. Бизде онысызда суу аз келеди. Аз келгени былай турсын хеш уактында келмейди.

2-себеп. Суудында ен патасы келеди, патас суулар болса, сол тамшылап агатугын жерде сол моменттин озинде тыгылып калады, и артык онын менен суугара алмайсан.

3-себеп. Каракалпакстанда еле хешбир районда бул усылды толык уйренип реал омирге орната алыу мумкин деп еле хешбир район толык тамшылап суугарыуга отилмеди. Тажирийбе 0. Тажирийбенин 0 екенлиги ертенги куни нормал фермерлерди де банкротлыкка алып келеди.

Бул менин ягный, суу маселеси бойынша профессионал каниге болмай турып билгенлерим. Егер сизде суу, тамшылап суугарыу бойынша профессионал каниге болса, оннан сорап корсениз сизге бизге бул метод еле берли тууры келмеслигин кеминде 5-6 фактлерин келтирип берери созсиз.

Гаптин кыскасы, суусызлыктанда мамлекет тобесиндегилер пайдаланып калажактай.

Умытпан, бизде фермерлерде банкротка ушырап басласа, барлык районлар дийуана болып кетеди. Итакда, ярым Каракалпакстан жумыссызлыктан не ислерин билмей жур.

@bkadirbergenov
5.1K viewsedited  18:17
Открыть/Комментировать
2021-02-21 10:55:21 ​​1-сораў @bkadirbergenov каналында реклама жайғастырыў қанша?

1-жуўап. Ең арзаны 15о мың сўм (1 миллионға шекемде шығыўы мүмкин)

2-сораў. Неге қымбат?

2-жуўап. Буның себеплери көп,

- мениң аудиториям рекламаны жаман көреди,
- рекламадан түсетуғын ғарежетке мүтәжлигим жоқ (шүкир Аллахыма),
- реклама бериўшилер саны аз болыўы ушын (егер арзан болса, ертең ҳәмме келеди).

3-сораў. Каналыңда бар-жоғы 1о мың адам бар. Басқа каналларда сеникинен көп және сеникинен арзан.

3-жуўап. Жоқарыда жуўап бердим. Қосымша айтарым, каналыма көпшилик ағза емес, бирақ каналымды сырттан оқып отырыўшылар көп.

4-сораў. Сениң каналыңа реклама қылғаннан не пайда таўаман. 15о мың төлеп реклама бериўиме себеп таўып бер.

4-жуўап. Буғанда аргументлер жеткиликли.

- менде берген рекламаңыз мәңгиликке қалады, белгиленген саат, күннен соң өширип тасланбайды,
- Сизиң реклама бермекши болған товар ямаса хызметиңизди үйренип шығаман, соңынан соған арнап пост жазаман. Бул усыл "нативная реклама" деп аталады,
- каналымда адам саны аз болыўы мүмкин, бирақ, көпшилик оқыйды. Әсиресе, именно Сизиң хызметиңизден пайдаланыўға қурбы жететуғынлар оқыйтуғыны анық.

Соңғы сораў. Ҳәмме нәрсени реклама қыласаң ба?

Соңғы жуўап. Әлбетте яқ. Спиртли ишимликлер, сигарета, зыянлы нәрселер, нызамда рекламаға рухсат етилмеген товар ҳәм хызметлер, ең баслысы "монополист"лердиң ислеп шығарған өнимлери менен товарларын каналыма шығармайман.

Ҳүрметли канал ағзалары, каналыма реклама салғысы келгенлер саны артып атыр, әсиресе Нөкиске қайтқаннан кейин. Қымбат болыўына қарамастан реклама жайластырғысы келгенлер баршылық. Мениң нәзеримде келип турған пулды алмаўда қайсыдур мәниде дурыс еместей. Сиз не деп ойлайсыз? Пикириңизди әлбетте оқыйман. Комментария қалдырың.

@bkadirbergenov
5.2K views07:55
Открыть/Комментировать
2021-02-21 01:06:44
Машинаға минсем, көзиме көп түседи усындай освежительлер. Қарасам, өзимиздиң қарақалпақ тилинде. Еще сол өзимиздеги хызмет көрсетиўши салалар барлығы. "Молодец" бул жақсы маркетинг-ғой. Өзиңниң логотипиңди ямаса саўда белгиңди, адресин, телефонын қосып шығартасаңда тарқат. Әне маркетиңниң зор жолы. Барлық дамасларға, таксилерге тарқат. Кеминде 1о күн турады. Бирақ, бизде ийис шығармаса да турады-аў. Зато бул сизиң пайдаңызға. Қанша көп адам көрсе Сизге сонша пайдалы.

Буны ким ислеп атыр, қаерде шығарып атыр екен деп қызықтым. Ақыры таптым. Буларды @iamdavr Туркиядан буйыртпа менен әкелип атыр екен. 1 данасы 3 цент екен. Арзырлы баха.

Егер, Сизде өз саўдаңызды усы жол менен реклама етпекши болсаңыз, көрсетилген номерге ямаса телеграмға хабарлассаңыз болады. Еледе арзанырақ ислетпекши болсаңыз бул рекламаны Бахтиярдың каналынан көрдим дейсиз, Сизге 5о, ооо сўм скидка менен ислеп береди.

@bkadirbergenov
5.4K views22:06
Открыть/Комментировать
2021-02-20 22:22:19
1 айда 1-орыннан 6-орынға түсип кеттик.

Мейли, АПЛдан ушып кетсекте садық қаламан.

21 жылдан берли Ливерпуль болып келдик.

Буяғына да Ливерпуль фанаты болып қала беремен.

#YNWA_forever

@bkadirbergenov
5.9K views19:22
Открыть/Комментировать
2021-02-20 17:35:22
18+

Бул ағамыздың 2 көзиде көрмейди. Ой аўылда турады екен. Бул видео бизге келип түскеннен кейин үйине де барып көрдик. Жағдайы ҳақыйқатында да аянышлы. 1 баласы бар екен, олда табылса жумыс ислейди екен. Ал бул ағамыз күндиз жалғыз қалады.

Енди айтып атырған сөзлерине келсек, жәрдем болмағаннан кейин ҳәммеде сөгеди. Жеке өзимде сөккен болар едим.

Ал, енди айтың, МПЖ баслықты енди орнынан азат етесиз бе, ямаса қолымдағы "карта"ларды көрсетиўди даўам етейин бе?

ПыСы: Домкомнан бир нәрсе алып, ақыбетте алдында тили қысқа болып қалғаннан амансыз ба, әйтеўир?

@bkadirbergenov
6.0K viewsedited  14:35
Открыть/Комментировать
2021-02-20 17:19:49 Уйықлатыўлар даўам етпекте (1-бөлим)

Хабарыңыз бар, буннан 18 күн бурын 33-МПЖға аслығына наразы болып халық маканкомға барып еди. Тосыннан еситип қалып, менде сол жерге бардым. Барғанымда 25-3о ҳаял жәрдем пулларын ала алмай атырғанын айтты. Бизге сол турғынлар Маканком баслығы жумыс ислемеслигинде айтып өз наразылығында билдирди.

Арадан 4 күн өтип биз және сол МПЖға бардық, бул рет Мустафа екеўимиз барып муражатларын тыңладық. Сектордан болса биз бенен бирге Рустем Касановта бирге барды. Бунда да жергиликли турғынлар МПЖ баслығынан наразы екенин айтып қала берди.

Арадан және 6 күн өтип, үлкен жыйналыс өткериў ушын биз 16-мектепке жыйналдық. Бул жыйналысқа қаланың дерлик барлық тараўынан келди. Буның дәлийли сыпатында ютубдағы каналымыздан көрип-билип алсаңыз болады.

Булардан тысқары, мен бул ағамыздың жергиликли турғынларды, әсиресе ҳаялларды қәйтип"иззет/ҳүрмет" ететуғынын аудиодәлийлде каналыма шығардым. Соңынан, Мустафа адамларға қандай кийимлерди тарқатқанында шығарды.

Мине, арадан 18 күн өткен болса да еле сол рәсмий жуўап бериўшилер еле тым-тырыс. Қолларына сонша дәлийллерди услатып берсекте тым-тырыс. Мейли олар аз болса мына дәлийлди де бир көрип шығың
(усы посттан соң каналыма таслайман).

Ҳүрметли басшылар, лаўазымлы шахслар!

Сизге берилген лаўазым бул ата3 ямаса абырай емес, керисинше бул имканият. Сол отырған ўақтыңызда қанша адамның аўырын жеңиллетип үлгересиз, қанша адам сизден ырза болады, соның имканияты. Лаўазым ҳешкимге опа қылған емес. Әтирапыңызға қара кешеги түпириги тас тесип турған ҳәким ҳәм министрлер бүгинги күни үйинде жумыссыз отыр. Оннан төмен лаўазымларды айтпасақта болады.


ПыСы: Рәсмий жуўап бериўшилер оянайық, мен еле күтип отырман.

@bkadirbergenov
5.8K viewsedited  14:19
Открыть/Комментировать
2021-02-20 13:54:13
Қарақалпақстан Республикасы Бəнтлик ҳəм мийнет қатнасықлары министрлигиниң рəсмий телеграм каналы.

Каналда 198 адам бар екен. Буны сырт елдегилер көрсе, буларға жумыс керек емес екен. Ҳәмме бәнт екен деп ойласа керек.

Азанғы саат 9да қойылған постты 63 адам ғана оқыған.


@bkadirbergenov
5.3K views10:54
Открыть/Комментировать
2021-02-20 13:49:17 @ayamawiz сайты 2 ҳәптеден берли, барлық район ҳәм қала, министрлик ҳәм комитетлер, шөлкемлер, қулласы бюджеттен айлық алатуғын мәкемелердиң телеграм каналларындағы, сайтларындағы қәте-кемшиликлерди анализлеп атыр. Егер, итибар берип қарасаңыз олардың рәсмий…
5.2K views10:49
Открыть/Комментировать