Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

bkadirbergenov

Логотип телеграм канала @bkadirbergenov — bkadirbergenov B
Логотип телеграм канала @bkadirbergenov — bkadirbergenov
Адрес канала: @bkadirbergenov
Категории: Блоги
Язык: Русский
Количество подписчиков: 33
Описание канала:

21
Ассалаўма әлейкум, хош келдиңиз!!!
Бул каналда Қарақалпақстанда болып атырған унамлы ҳәм унамсыз өзгерислер ҳаққында жеке пикирлерим ҳаққында таныссаңыз болады.
YouTube: https://www.youtube.com/c/BakhtiyarKadirbergenov

Рейтинги и Отзывы

3.00

3 отзыва

Оценить канал bkadirbergenov и оставить отзыв — могут только зарегестрированные пользователи. Все отзывы проходят модерацию.

5 звезд

1

4 звезд

0

3 звезд

1

2 звезд

0

1 звезд

1


Последние сообщения 181

2021-02-12 16:23:35 Бизиң пикиримизше, блогер ўазыйпасы, жәмийетшилик арасында орын алған қәте-кемшиликлерди жоқарғы шөлкемлерге жеткерип, халқымыздың мәпи ушын оларды сапластырыўға жәрдем бериўден ибарат, солай етип, халыққа қалыс хызмет етиў деп ойлап жүр едик. Бирақ, Сизиң…
5.1K views13:23
Открыть/Комментировать
2021-02-12 16:22:14 Бизиң пикиримизше, блогер ўазыйпасы, жәмийетшилик арасында орын алған қәте-кемшиликлерди жоқарғы шөлкемлерге жеткерип, халқымыздың мәпи ушын оларды сапластырыўға жәрдем бериўден ибарат, солай етип, халыққа қалыс хызмет етиў деп ойлап жүр едик. Бирақ, Сизиң бундай ис-ҳәрекетиңизден, өз пайдасын гөзлейтуғын өзмәмбетке уқсаттық.
Каналыңызда педагогикалық саламатлық орталығына унамсыз тәсир жасайтуғын пикирлериңизди ортаға таслап, басқаларды да арзагөйликке шақырып атырсыз.
Бундай жәмийетке жат унамсыз иллетлерге қарсы биргеликте гүрессек жақсы болар еди.

А.Еримбетов – ҚР ХБМниң методикалық хызмет бөлими баслығы Телеграм каналымызға ағза болың – t.me/kkeduuz
4.7K views13:22
Открыть/Комментировать
2021-02-12 16:22:14 Алтыншыдан, мектепте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 1999-жыл 12-январьдағы “Атқарыўшылық тәртибин беккемлеў ҳаққында”ғы 12-санлы қарары, 11-10-санлы тәртиби ҳәмде “Пуқаралардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы Нызамның орынланыўы тәмийинленбеген.
Себеби, бул ең айрықша әҳмийетли қарардың орынланыўын тәмийинлеп барыўға мектепте жуўапкер хызметкер буйрық пенен бекитилмеген. Сонлықтан 2020-жылы бирде-бир ҳүжжет есапқа алынбаған ҳәм оның орынланыўы қадағаланбаған.
ӨзР Халық билимлендириў министриниң 2020-жыл 28-майдағы 136-санлы буйрығына муўапық, мектеплерде атқарыўшылық тәртибине кадрлар бойынша менеджер (инспектор) жуўапкер есапланады, деп көрсетилген. Бирақ, мектеп директоры бул буйрыққа өз лаўазым шеңберинде жуўапкершилик пенен қарап, әмел етпеген.

Жетиншиден, директор лаўазымына тайынланған күннен баслап, мектепте ислеўши барлық басшы ҳәм басқа да лаўазымдағы хызметкерлердиң ўазыйпаларын Режеде белгиленген тәртипте толық таныстырып, имзасын қойдырып, буйрық пенен тастыйықлаў лазым еди. Мектеп директоры тәрепинен бул мәселеге итибар қаратылмаған, яғный, мектепте ислеўши барлық басшы ҳәм басқа да лаўазымдағы хызметкерлерге Реже тийкарында лаўазым шеңбериндеги ўазыйпалары белгиленип, буйрық пенен рәсмийлестирилмеген. Сонлықтан да, мектепте оқыў-тәрбия жумыслары дурыслы жолға қойылмай, келиспеўшиликлер ҳәўиж алып, қәте-кемшиликлерге себепши болған. Буған мектеп директоры тиккелей айыпкер.

Ҳүрметли блогер Бахтияр Кадирбергенов! Мектепте 2020-2021-оқыў жылының биринши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслардың нәтийжеси бойынша таярланған мағлыўматнаманың бир данасын қолыңызға алдыңыз. Сиз мектепте жол қойылған қәте-кемшиликлерди не ушын толық көрсетпедиңиз? Себеби, және бир мәртебе қайталайман, Сиз мектеп директорының жеке мәпи ушын урынып атырсыз, мектеп жәмәәти ортасында руўхый саламат орталықты қәлиплестириў емес, ал, сол мектеп директорының өз лаўазымында қалыўын қәлеп турыпсыз. Бул мәселе нызамлы түрде шешиледи.

Сиз гәпиңиздиң соңында, “Ҳүрметли ХБМ министри ҳәм сояқ тәрептен дүзилген “комиссия состав” жыйнастырайық, бундай играларды. Мектеп бул билим босағасы, директор ҳәм муғаллимлерди тыныш қойың, балаларға билим берсин, тәрбия берсин”, дедиңиз.

Биз бул мәселеде улыўма айыпсызбыз деўден аўлақпыз. Дурыс тараўда кемшилик болған, оны дүзетиўге ҳәрекет етемиз. Сиз кәсиплик ўазыйпаңызды дурыс атқарып, ҳақыйқатлықты нызамға тийкарланған ҳалда жәриялағаныңызда мақсетке муӯапық болар еди. Қалаберсе, Сиз мектептиң ишки мийнет тәртибине байланыслы жумысларды эмоцияға берилип қәте талқылап, надурыс жәмийетлик пикирди қәлиплестириўге себепши болдыңыз, директордың лаўазымында қалыў ямаса қалмаў мәселесине орынсыз араластыңыз, буны министрлик нызамлы жол менен шешеди.

Бундай жағдайда анық болмаған, ҳақыйқатлыққа туўры келмейтуғын мағлыўматларды насақ гәплер менен жәриялағаныңыз ушын жуўап бериўиңизге туўры келип қалады. Айдың 15 күни қараңғы болса, 15 күни жарық деген. Бир директордың мәпи ушын ар-намысын сататуғын емес, қәдирдан мектеп жәмәәтиниң мәпин гөзлейтуғын заманласларымыз да табылып қалар, иншалла...


Соңғы сөз орнына: Ҳүрметли Бахтияр Кадирбергенов!
“Журналист искерлигин қорғаў ҳаққында”ғы Нызамның 6-статьясында журналист өзи таярлап атырған материаллардың дурыс ямаса надурыс екенлигин тексериўи ҳәм қалыс информация бериўи, журналистлердиң кәсипке байланыслы әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи, шахстың ҳуқықлары ҳәм еркинликлери, абыройы ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрмет етиўи шәрт екенлиги көрсетилген.

Ал, блогерлик жөнелисине материаллардың дурыс ямаса надурыс екенлигин тексериўи ҳәм қалыс информация бериўи, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи, шахстың ҳуқықлары ҳәм еркинликлери, абыройы ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрмет етиўи керек деген пазыйлетлер тийисли емес пе? Яғный, Сизге (блогерге) тийисли емес пе? Ямаса көшениң қатынларының өсек гәплерин жәмәәт арасына бөрттирип көрсететуғын «өсек тарқатыўшысыз ба?» Бул гәп барлық блогерлерге тийисли емес, тек, мектеп жәмәәтине барып, өзин көрсетип жүрген блогерге тийисли!!!
4.7K views13:22
Открыть/Комментировать
2021-02-12 16:22:13 Сол айтқандай, Сиз мектепте болған мәжилисте ортаға шығып, биз де бала болғанбыз, мектепте оқығанбыз, жоқары класста оқыған ўақтымызда бизлер де сабақтан қалатуғын едик, деп ҳәзирги билимлендириў тараўындағы жүргизилип атырған сиясатқа қарсы мектеп муғаллимлери ҳәм басшылары арасында үгит-нәсият жүргизгениңниң өзи пүткиллей басқаша, биз күтпеген ҳәрекет болды. Биз Сизиң ортаға шыққаныңызда, «Ҳүрметли устазлар, бир-бириңиздиң үстиңизден жазып, мектептиң аўызбиршилигин қашырмаң, қойың бундай педагогларға жараспайтуғын жаман әдетлерди, елимиздиң 2000ға шамалас балаларының тәғдири не болады келешекте", деп айтатуғын шығар десек, тилекке қарсы, ондай пикир Сизден шықпады. Сиз бир тәрептиң (мектеп директорының) сөзин сөйлеп, керисинше, мектеп муғаллимлери арасына от таслап, олардың ҳәттен тыс наразылығын күшейттиңиз.

Бизиң менен Сизиң мектеп дәўирлеримиз тарийхта қалды. Ҳәзир заман басқа, көз-қарас басқа. Не ушын ҳәзир мектепте алған билими менен питкериўшилер жоқары оқыў орынларына кире алмай атыр деген ең әҳмийетли мәселе тур алдымызда. Бул мәселениң анық шешими мектеп директорының искерлигине, тәжирийбесине ҳәм заманагөй билимге ийе болыўына байланыслы болмақта.

Үшиншиден, 2020-2021-оқыў жылынан баслап мектепте шараят жоқ деген бәне менен жәми 65 класстан 58 класста инглис тили, рус тили (миллий классларда), өзбек ҳәм қарақалпақ (мәмлекетлик) тиллери пәнлери еки топарға бөлинип оқытылыўдың орнына, класс оқыўшылары бөлинбей, еки муғаллим бир класста, айырым ўақытлары бир муғаллим оқытып, сабақларға гезек пенен келип, бирақ, айлық мийнет ҳақысын толық алып, мәмлекет бюджетиниң талан-тараж етилиўине жол қойғаны Сизге мақул ма? Буған ким жуўапкер? Муғаллимлерге жазылған айлық мийнет ҳақы табелин ким тастыйықлайды? Мектеп директоры ма ямаса оның әкеси ме? Әлбетте, мектеп директоры тиккелей жуўапкер болады.

Төртиншиден, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 15-марттағы «Улыўма орта билимлендириў ҳаққындағы Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 140-санлы қарарында улыўма билим бериў мектеплеринде ҳәр бир сабақ даўамлылығы 45 минут етип белгилениўине қарамастан, мектепте 2020-2021-оқыў жылынан баслап ҳеш тийкарсыз (анық бир айрықша жағдайлар болса, бул мәселе мектептиң педкеңесинде додаланып, қарар қабыл етилип, буйрық пенен тастыйықланыўы тийис) ҳәр бир сабақ даўамлылығы 40 минут етип белгиленип, усы күнге шекем оқытылып келинген. 2020-2021-оқыў жылынан баслап есаплағанда, бир математика пәниниң өзинен оқыў жылы даўамында бир класста 34 саат сабақ өтилмей қалады. Буны 1-11-класлар бойынша алып қарағанымызда, оқыў жылы даўамында 170 саат сабақ өтилмеген болады. Сонда оқыў жылының жуўмағында мәмлекетлик билимлендириў стандартлары тийкарында оқыўшыларға берилиўи зәрүр болған билим көнликпелерин оқыўшылар қандай қылып толық өзлестирди деп айта аламыз? Буны мектепте қадағалаўға ким алыўы керек?
Буны әлбетте мектеп директорының өзи қадағалаўы тийис.

Бесиншиден, мектеп директоры лаўазымға тайынланбастан бурын инглис тили пәнинен оқытқан ҳәптелик жүклемесин (сабағын) бурыннан ислеп киятырған, ҳәптелик 6, 9, 10 саат жүклеме менен жүрген, екинши категорияға ийе муғаллимлерге берип, аўызбиршиликти беккемлеўдиң орнына, сырттан бирден 3 муғаллим алып, мектептеги инглис тили пәни муғаллимлериниң наразылығына себепши болыўы шәртпе еди? Егер Сиз оның пири болсаңыз, мектеп директорының нызамсыз ҳәрекетлерге жол қоймаўы ушын ақыл-нәсият қылыўыңыз керек еди.
4.7K views13:22
Открыть/Комментировать
2021-02-12 16:22:13 ВОЛЕЙБОЛ ОЙЫНЫНА СУДЬЯЛЫҚ ЕТКЕН БАХТИЯР ҚАДИРБЕРГЕНОВҚА


“Нәӯбеттеги волейбол ойыны” атлы сын пикирге мүнәсибет (https://t.me/bkadirbergenov/5136)


Қасын бояйман деп көзин шығарып алмайық...

Ҳүрметли блогер иним!

Сизиң телеграмм каналыңыздағы “Нәўбеттеги волейбол ойыны” атамасындағы дәслепки мақалаңызды оқып, қапа болдық.
Биринши нәўбетте, биреўге ақыл-нәсият қылыўдан алдын сол тараў бойынша кең түсиникке ҳәм билимге ийе болыў үлкен әҳмийетке ийе. Яғный, халық хожалығының қәлеген тараўын раўажландырыў биринши басшыға байланыслы болады ҳәм оған жүдә жуўапкерли ўазыйпалар жүкленеди. Сол сыяқлы, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ҳәзирги ўақытта билимлендириў тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырған бир ўақытта, барлық жуўапкершилик мектептиң биринши басшысына, яғный, мектеп директорына жүкленеди.

Соның ушын Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң 2019-жыл 7-декабрьдеги 393-санлы буйрығының Қосымшасында улыўма билим бериў мектеби директоры лаўазымына қойылған ўазыйпаларда жәмәәт ортасында руўхый саламат орталықты қәлиплестириў, оқыўшылардың билим сапасының мәмлекетлик билимлендириў стандартларына сәйкес келиўин, тәрбиялық жумыслар нәтийжелилигин тәмийинлеў ҳәм қадағалаў, оқыўшылардың пәнлерди өзлестириўин жақсылаў ҳәм оларға сапалы билим бериў мақсетинде мектепти үзликсиз раўажландырыў илажларын көриўи лазым, деп белгиленген. Буннан басқа да 23 бәнттен ибарат лаўазым шеңбериндеги ўазыйпаларға ҳәм билиўи лазым болған 8 бәнтке мектеп директоры тиккелей жуўапкер екенлигин сезиниўи зәрүр. Оның ушын ол тәжирийбеге, басқарыў уқыбына ҳәм заманагөй билимге ийе болыўы керек.

Ал керисинше, 12-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры басшылық етип атырған мектеп жәмәәтиниң топарларға бөлиниўине өзи басшылық еткен, оқытыўшыларды бир-бирине қарсы қойған, өзине қарсы шыққан, мектептеги оқыў-тәрбия жумысларындағы ҳәм басқарыўдағы қәте-кемшиликлерин айтқан муғаллимлерге қыр көрсетип, сондай-ақ, әкеси менен биргеликте оларды қуўдалаған, ҳәттеки мектепти әкеси менен биргеликте басқарған (әкеси 70 жастағы тележурналист).
Бул сын пикириңиз бенен жәмәәтлик мәпти емес, директордың жеке мәпи ушын жан күйдирип атырған оның таныс блогерине усап кеттиңиз. Бундай жол менен муғаллимлерди қорқытыў, жалғанды ҳақыйқатлық деп санап, ҳақыйқатлықты сындырмақшы болған әдетлерин өзинен жоқ етпесе, ол басқарған жәмәәтте ҳеш қандай саламат орталық, мектепте ҳеш қандай раўажланыў, тынышлық болмайды.

И.А.Крыловтай тымсаллап бир нәрсе айтпақшы болғанша, мектептеги жағдайды тереңирек үйрениўиңиз керек еди. Мәселен, бириншиден, класстағы 32 оқыўшыдан күнделикли сабаққа 8 оқыўшы қатнасып, қатнаспаған 24 оқыўшының қаяқта жүргенин билмесе (бундай жағдайлар жоқары класслардың барлығында дерлик орын алған), Сизиң пикириңизше, буған директор жуўапкер болмай, класс басшы ҳәм жаслар жетекшиси жуўапкер болатуғын болса, усы жағдайды тәртипке келтириў ушын мектеп директоры жуўапкер адамлардан талап етиўге тили қысқа болса, онда оның әкеси жуўапкер бола ма?

Екиншиден, муғаллимге айлық ис ҳақы сол класстағы 32 оқыўшыны оқытқаны ушын төлениўи тийис болса, ол муғаллим 8 оқыўшыны оқытып, мийнетсиз толық айлық ис ҳақы алып жүре берсе, бул қандай әдалатлық болады?
Буның жуўапкершилиги мектеп директорында болмаса, онда оның әкесинде бола ма?

Волейбол ойынына уқсас астарлы анекдот: Бир күни Өмирбек лаққы азанда ешегин ертлеп, қоңсы аўылдағы бир кемпирдиң жыл садақасына баражақ болыпты. Ешектиң жибин қазықтан шешип алып, бир аяғын зәңгиге салып, ешектиң ерине асылып, я алла деп, секирип минбекши болыпты. Бирақ мине алмапты. Бул ҳәрекетти бир неше мәртебе қайталап, тәкирарласа да нәтийже шығара алмапты. Сонда Өмирбек, эх, жаслық ўақтым болғанда ма еди деп турғанда, қоңсысының баласы көрип қалып, көмеклесип, Өмирбекти ешегине мингизип жиберипти. Өмирбек ешегине мингеннен кейин өзине-өзи, ҳәй, Өмирбек-ай, жаслығыңда да қарық емес едиң, деп сөйленип кете берипти...
4.4K views13:22
Открыть/Комментировать
2021-02-12 10:30:44 Ne ushın biypul? @TexnoPOS IT mektebi - programmalastırıw hám sizge keleshek kásiplerinen birin úyretiwdi óz aldına maqset etken oqıw orayı. Bizde programmalastırıw tilleri ayına 290 000 swmnan oqıtıladı. Al, házir sizde 3 ay biypul oqıw imkániyatı…
6.1K viewsedited  07:30
Открыть/Комментировать
2021-02-12 10:25:43 Ne ushın biypul?
@TexnoPOS IT mektebi - programmalastırıw hám sizge keleshek kásiplerinen birin úyretiwdi óz aldına maqset etken oqıw orayı.

Bizde programmalastırıw tilleri ayına 290 000 swmnan oqıtıladı.

Al, házir sizde 3 ay biypul oqıw imkániyatı bar.

Ne ushın biypul?
Bir proekt niyetlep edik. Bul proektte qatnasqan táreplerdiń hesh biri zıyan kórmeydi, hámme payda aladı. Demek:

1-tárep. Oqıwshılar.
Programmalastırıwǵa qızıǵatuǵın hám uqıbı bolǵan jaslarǵa biypul úyreniw imkaniyatın jaratıp beremiz. Imtihan arqalı intali jaslardı saylap alamız hám olarǵa 3 ay dawamında Kotlin programmalastırıw tili bilimlerin beremiz.

2-tárep. Volontyorlar.
Sabaqlardı Kotlin kursın tamamlaǵan volontyorlar ótedi. Bul olarǵa bilimlerin ele de bekkemlep alıwǵa járdem beredi hám bilmegenlerin úyreniwge májbúrleydi.

3-tárep. TexnoPOS komandası.
1-tárep yaǵnıy biypul oqıw imkaniyatın qolǵa kiritken jaslar TexnoPOS komandasınıń kishigirim jumıslarında járdem beredi. Máselen: qanday da bir programmanıń bazasın toltırıp beriw, youtube kanalda videolarǵa dizayn jaratıw h.t.b qolınan keletuǵın islerde. Álbette, bul olarǵa keleshektegi isleytuǵın jumısların úyreniwde de kóp paydalı.

4-tárep. Mámleket.
Álbette, biz oqıtqan oqıwshılar arasınan keleshekte jaqsı, sapalı programmistler shıǵıwına isenemiz. Al, bul mámleket keleshegi girewi.

Doslarǵa tarqatıwdı umıtpayıq .

tómendegi silteme arqalı dizimnen ótesiz:
https://forms.gle/P4fENqxeuRjDBFod9
4.8K views07:25
Открыть/Комментировать
2021-02-12 08:42:31
Нөкис қаласының көшелер бойынша рәсмий жуўабын күтип отырған "Аямаўыз"шылар.

@ayamawiz
4.3K views05:42
Открыть/Комментировать
2021-02-11 22:10:04
"Мио, мой Мио" деген кинода айтады-ғо

"Күниң питти Като" деп

@bkadirbergenov
5.4K views19:10
Открыть/Комментировать
2021-02-11 22:04:02 Жазатугын нарселер дым кобейип кетти. Сол ушын бугин кыска катарларда жазып кетемен.

1. Болатугын пресс-конференцияларга тек гана галаба хабар кураллары уакиллери мират етиледи. Олардында ишинде тек гана аксийеклери киритиледи. Кара танлилери (гууалык алмаганлары) киритилмейди. Бизлерде сол ак суйеклер касына откен жылы 30-ноябрьден баслап жууырып мине быйыл февраль айында касына кирдик (гууалык алып). Сал кем 1 ай ишинде 3 ушырасыуда катнасып, ушейинде халыкка онлайн таризде кориуи ушын тиккелей эфирде алып шыктым. Бояуларсыз, монтажларсыз. Мендеги имканият тек гана 1 телефон, 4-5 гигабайт интернет, 1 штатив. Баскасына курбым жетпейди. Ал, усы пресс-конференцияларды шолкемлестиретугын министрликлерде, шолкемлерде, мен арман кылатугын фото-камера, сонгы маркадагы штативлер, ал, сол офисларында жокары тезликтеги оптик аркалы келип турган интернетлери бар. Усыншама имканиятларыныз бола тура, халыкка усы ушырасыуларды тиккелей корсетпеудин ози гуна хам обал мен ушын. ГХК жеткереди-го деп оларга жуклеринизди арта бермен, олар сизлерге сорау бериу ушын изертлеп-изленип жургенлеринин ози аз емес. Ендиги бережак пресс-конференциялар тиккелей эфирде узатылмаса, менин мыжып сорай беретугын сорауым усы болады.

2. Телеграм-ботыма сонгы 1 ай ишинде 2 блогердин лауазымлы шахсларга карсы компрамат жыйнап, озлеринин жеке машкалаларын питирип жургенлер хаккында фактлар келе баслады, Озлерин тиккелей ескертпесемде, кулак-кагыс кылдым. Енди жане, бул ис дауам ете берсе, жеке озим Сизди судка берип, сорына сорпа кайнатып ишемен. Булай етпесек болмайжак, себеби, бизге, аямауызга муражат пенен келип атырганлар «пулын толеймиз» деп келип баслап атыр, тап бизлер олардын машкаласын шешип бериу аркалы кун корип атыргандай. Мен буны, бирдин кесапаты мынга тийиу деп бахалайман. Як, Сизге кауендерлик еткиси келсе, бийминнет кылады бизин халык. Буган мысал ретинде жакында гана ашылган офисимизди мысал етип келтире аламан. Онын ремонтынан баслап, ишиндеги буйымлар хам 2 айлык ижара пуллары барлыгы кауендерлер комеги менен питти. Биз олардын машкаласында шешип бермедик, тек сол ел пидайылары ушын бизден комек болсын деп келген дунья.

3. Рейдке шыгып журмиз, фотоларда бар, видеоларда бар. Бирак каналыма шыгармай атырман. Бирак, бул фото хам видеолар далийл сыпатында архивимизден орын алып атыр. Хам олардын бул нызамбузыушылыкларын Мийнетти коргау Инспекциясы тарепинен тийисли хужжетлер менен шаралар корилип атыр. Неге видео шыгармай атырганымнын себеби, копшилиги бетине жыламсырап карап турады, айырымлары жылапта жиберип атыр. Туурысы, менин бетим шыдамай атыр оларды каналга шыгарыу. Кеширимли болсын. Бул рейдтин жаксы тарепи сыпатында соны айта аламан, хазир бирнеше банклар, макемелер кешки саат 18:00-20:00 арасында ислеген жумысшыларга айлык шыгарып косымша хакы толеп баслаган. Жеке озим олардын пластиклерине тускен пулларды кормегенимде буган исенбес едим. Баскаларда булардан орнек алса максетке мууапык болар еди, оларда кууанып жумысын ислер еди.

4. Кейинги кунлери, аягы жерден узилген басшылар изине тустик. Аттен, оларды нызамбузыушылыкта колга тусирейик десек фото/видеоматериалларымыз кемис болып атыр. Бизге машинасы бар жигитлер комеги керек болып атыр. Бирнеше баслыклар хызмет колиги менен ойнасын, кимиси хызмет машинасын, инисине, баласына, кызына тапсырып койганлары хаккында маглыуматлар бар. Аттен, излерине тусейик десек уакыт хам машина жетпей атыр. Егер бизге комек бермекши болсаныз телеграм ботыма хабарласын @blogerler_awqami_bot

5. Бизин каналга косылын, чё-та кейинги уакытлары адам азайып баратыр.
@bkadirbergenov
5.4K views19:04
Открыть/Комментировать