Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

bkadirbergenov

Логотип телеграм канала @bkadirbergenov — bkadirbergenov B
Логотип телеграм канала @bkadirbergenov — bkadirbergenov
Адрес канала: @bkadirbergenov
Категории: Блоги
Язык: Русский
Количество подписчиков: 33
Описание канала:

21
Ассалаўма әлейкум, хош келдиңиз!!!
Бул каналда Қарақалпақстанда болып атырған унамлы ҳәм унамсыз өзгерислер ҳаққында жеке пикирлерим ҳаққында таныссаңыз болады.
YouTube: https://www.youtube.com/c/BakhtiyarKadirbergenov

Рейтинги и Отзывы

3.00

3 отзыва

Оценить канал bkadirbergenov и оставить отзыв — могут только зарегестрированные пользователи. Все отзывы проходят модерацию.

5 звезд

1

4 звезд

0

3 звезд

1

2 звезд

0

1 звезд

1


Последние сообщения 182

2021-02-11 15:51:25

5.6K views12:51
Открыть/Комментировать
2021-02-11 14:06:39

5.7K views11:06
Открыть/Комментировать
2021-02-11 10:55:43
Мойнақ районы ҳәкимияты да тән бермедим.

Кешегиде Мойнаққа барғанымда берилип атырған итибарларды көрип бираз кеўилим көтерилди. Бирақ, усы "кемелер қәбиристаны"на келип, ҳәммесине атына екенин және бир мәрте гуўасы болдым. Басында адамларымыз не болып баратыр деген ой келди. Кемелер иши, әтирапы мусорларға толып тур. Кемелердиң сыртына қарасаң тек "Ң+Ь" деген жазыў жоқ, қалғанының барлығы бар. Мойнақ ҳәкимияты усы жерди контролға алса жақсы болар еди. Әтирапларына урналар қойылса мениңше ҳешким булай етип таслап кетпейди. Кемелерге жазыў қадаған деп асып қойып, жазған адамларды штрафқа тартың. Бюджетиңизге бюджет болады, 1-2 адам штраф төлесе басқа ҳешким жазбайтуғын болар еди.

Қәбиристан деген атты алғаннан кейин итибарда соған тең болыўы керек. Мына көринислерди сырттан адам келип көрсе, олар усы мәдениятсыз адамлардың қылығына пүткил қарақалпаққ баха берип кетеди. Берер бахасын сүўреттен де көрип турған шығарсыз.

Қасықлап жыйнаған абырайыңызды, айрандай етип төгиўши мысаллар бул.

@bkadirbergenov
5.3K views07:55
Открыть/Комментировать
2021-02-11 09:46:01
“Future Skills Uzbekistan” tálim joybarına dizimnen ótiw ushın 10 kúnnen az múddet qaldı.

Sol sebepli, eger tómendegilerge iye bolıwdı qáleseńiz:
IT baǵdarında professional tálim hám tayarlıq;
IT qánige kompetensiyasin bahalaw hám ilimiy tájriybe tuwrısındaǵı pasport;
IT qánigesiniń jumısqa jaylasıwına hám óz-ózin bánt etiwine (freelance) kómeklesiw, bunday jaǵdayda dizimnen ótip, joybar qatnasıwshısına aylanıwǵa asıǵıń.

Eger siz:
- 16 jastan úlken, jumıssız Ózbekstan Respublikası puqarası bolsańız;
- tómendegilerdi óz ishine alǵan: logika boyınsha test, kompyuter sawatqanlıǵı boyınsha baslanǵısh bilim dárejesin anıqlaw ushın test, sonıń menen birge ingliz tili boyınsha test sıyaqlı dáslepki basqıshtan óte alsańız, waqıtıńızdı bosqa ótkermeń!

Silteme arqalı dizimnen ótiń hám óz kónlikpelerińizdi biz menen birge rawajlandırıń!

Dizimnen ótiw ushın silteme : futureskills.uz
Maģlıwmat ushın: +998990481199 +998998887921 hám +998901780003 telefon nomeri

@bkadirbergenov
5.3K views06:46
Открыть/Комментировать
2021-02-11 08:31:46 Бүгин, саат 16:00де Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша, сондай-ақ тараўдағы жаңалықларға байланыслы баспасөз конференциясын шөлкемлестирмекте. Бул ушырасыўды https://youtube.com/c/BakhtiyarKadirbergenov ютуб каналынан тиккелей көре аласыз.

Қосымша сизлерде сораўлар болса, @ayamawizbot телеграм ботына жолласаңыз болады.

@ayamawiz
4.1K views05:31
Открыть/Комментировать
2021-02-10 20:33:29 Мен сизлерге бир сырды ашайын.

Көпшилик айтады, "ҳәзир биреўдиң машқаласын тыңлап, оны шешпек түўе, өзиңниң машқалаңди көтерип жүриў аңсат емес. Соның барлығына қаяқтан күш аласаң, соншама проектлерди қатар алып жүриў ушында күш керек-ғо" дейди.

Сырт елде жүргенимде ол жақта аўырып қалмаў ушын Хиджама ислетип туратуғын едим. Карантин басланып ислете алмай жүр едим. Нөкиске келгениме 1 ай болмады бирақ, 2 мәрте ислеттим. Енди, 3-сеансты басыма ислетемен, жақында шаштан айырыламыз дегени бул.

Хиджаманы, Ислам диниде мақуллаған, оның пайдасы ҳаққында көп гәплер айтылған.

Жеке өзимниң азанда ерте турып, қара кешке шекем тынбай жумыс ислей алыўымның тмйкарғы себеби усы. Буны ислетиў арқалы Сиз өзиңиздеги қан айланыў системасы үлкен жәрдем бересиз. Денеңизде уйып қалған қанларды усы жол менен шығарып таслап, олар орнын жаңа ҳәм таза қан айланыўы ушын имканият жаратасыз.

Көп гәптиң қысқасы, буны өзиңизде сынап көрсеңиз болады. Хурзипа Ханым, ҳәзир бул хызметин үлкен етип ашпақшы. Ислерине раўаж тилеймен.

Қосымша сораўлар ушын тел.:
+998938403100

@bkadirbergenov
5.9K views17:33
Открыть/Комментировать
2021-02-10 17:34:12
Хорезмде ислеп атырған М. Базарымбетовти 15 мың $ пара алды деп услап, қамап қойғаны ҳаққында жазып едим. Кеше Прокуратурада жүргенимде (жумыслар менен) сол ағамызды елге қайтарғанын еситтим. Енди тергеў Нөкис қаласында өткериледи. Оғанда шүкир.

Мына видеода ол Хорезмге баслық болып барғаннан кейин ҳәм алдын қандай аўҳалда екенин көриўиңизге болады.


ПыСы: Бундай жумысларды аўылда ислегениңиз дурыс, көрип турсыз, ол жақларда қәдириңизге жетпеди. Ырасы, енди ойланаман, сол баяғы турысында қала бериўи керек еди.

@bkadirbergenov
6.5K views14:34
Открыть/Комментировать
2021-02-10 16:55:15 SOS!!! ХОЧЕШЬ ПОМОЧЬ ОНКОБОЛЬНЫМ ДЕТЯМ?
Сделай 4 шага :

* пройди по ссылке
* отметь кнопку "да"
* напиши свои ФИО
* нажми на кнопку "отправить"
(Процесс без регистрации!)

Сбор подписей здесь
https://docs.google.com/forms/d/1EyNlCA03KxhkgH4Mrp_73kjb1ZDBLczO1XE_CFWdQ_Y/viewform?edit_requested=true

Ассалам аалейкум
Илажи болса каналынызга жайластырып берсениз

@bkadirbergenov
5.8K viewsedited  13:55
Открыть/Комментировать
2021-02-10 14:08:45

5.8K views11:08
Открыть/Комментировать
2021-02-10 09:11:35

5.9K views06:11
Открыть/Комментировать