Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

​​Танысың, бул КАМЕРА. Бул ҳәзирги ўақытта ең қудиретли күш. Б | bkadirbergenov

​​Танысың, бул КАМЕРА. Бул ҳәзирги ўақытта ең қудиретли күш. Бул соншелли қудиретли күш, ел-халық билмейтуғын ҳақыйқатларды жүзеге алып шыға алады. Буннан ҳәтте ҳәкимлер, министрлер де қорқады. Халықтың айлап, жыллап сергиздан еткен машқалаларын бирнеше күнде шешим таўып бериў қүдиретине де ийе. Бүгин мен сизге бул қүдиретли қурал кимлердиң қолында екенинде айтаман. Бул қурал ҳақыйқатты елге әшкаралаўшы блогер ҳәм журналистлердиң қолында. Олар бул қуралдан қалай пайдаланыўды жақсы биледи.

Мине, енди усындай қуралға ийе журналистлерге әлбетте "окоп"та жатырған айырым әмелдарлар, қолларында тек ғана, "өтирик", "жала", "шантаж" деген қуралларын иске түсирип, әтирапындағы әпиўайы әскерлерин соларға қарсы жоллап жата береди. Оларда әпиўайы әскерлер соншелли көп биреўи "өлсе" (мақсетине жете алмай шерменде болса), екиншиси дәрриў таяр турады. Қулласы буның адағы жоқ (жақын арада). Тек оларды аямай "ата" бериў керек. Болғаны басқа жолы жоқ екен.

Жалпақ тилде түсиндиремен.

Ҳақыйқатты айтсаң, саған дәрриў шантаж ислеўге өтеди. Қарақалпақта бирде-бир журналист қалмады, ҳақыйқатты айтып/жазып тийисли "жабық есиклер"ге кирип шықпаған. Көпшилик умытқан болар, және бир еслетемен. Бул Нукус Онлайн каналы админи Мустафадан басланды. Өткен жылы оған ГАИ хызметкерлери басым өткерип, қолындағы камераларын алып жоқ қылып жиберген еди. Жоқ қылмаса да болмас еди, себеби сол күни Мустафа "парковкаға тек хызметтеги машиналар турыўға ҳақылы" белгиси жазылған жерде хызмет машиналары емес тек ғана ГАИдеги хызметкерлердиң жеке көликлери турғанын дәлийллеўши видео түсирген еди. Ол шығып кетсе, бул қаракеңде үлкен Резонанс болар еди. Кейин сол хызметтеги айырым аға-инилеримиз Мустафадан кеширим сорап, жоқ болған камераларын төлеп бериўин ўәде етти, бирақ, мине 1 жылдан асты, еле төлеп бергени жоқ. Төлеп бериў былай турсын, енди улыўма "мен алмадым" деп тур. (Қудай сақласын еркеклик сөз бериў қайда, жигитлер?)

Оннан соң, Прокуратураның иси. Буны ҳәмме, ҳәтте пүткил дунья еситип үлгерди. Әйне усы ўақыядан соң, Өзбекстандағы "сөз еркинлиги" рейтинги әдеўир төменлеп кетти.

Сырт елде жүргенде мениң менен де бул жағдай болды, айрым лаўазымлы шахслардың шарапаты менен 5 саат полиция участкасында иркилдим. Ашыўым келгени өз қарақалпағым услап берди, түрк ағайынлерим шығарып берди. Арым келди, сонда.

Нәўбет, Даўлетмурат Тажимуратовқа. Бүгин оған жалалар жаўылмақта. Өзин ақлап алды, себеби юрист.

Бундай жалалар, шантажлар бизлерди тоқтата алмасын жақсы биледи. Дурыс айырым журналистлер жазыўдан тоқтады. Бирақ, олардың тоқтағаның тийкарғы себеплери бул басымлар емес, тек мақсетлери өзгергени. Буны сол жалаларды, шантажларды ислеп отырғанларда биледи. Нәтийже шықпасында биледи. Оларлың тийкарғы мақсети, бизге солай машқалалар туўдырып, сол машқалалар менен әўере болып, тийкарғы мақсетимизден шалғытыў. Буны бизде билемиз.

Бир нәрсени айтып қояйын. Бизлердиң биреўимизге бир "атака" бола ма?, барлығы оны қорғаўға өтемиз, шантаж ислегениң былай турсын, туўылғаныңа пушайман қылып жиберемиз. Исенбей атырсаң ба? Қәне онда даўам ете бериң.

Таңлаў имканиятыңыз өз қолыңызда. Қалең, шантаж, жала жаўып ийт-масқара болың, қәлең Нызамлы түрде талап етип атырған талапларымызды орынлаңда халық алдында жумыс ислеп атырғаныңызды көрсетиң.

ПыСы: Даўлетмурат аға, биз Сизиң менен биргемиз. Басың газды. Кемеге түскенниң жаны бир.

@bkadirbergenov