Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

bkadirbergenov

Логотип телеграм канала @bkadirbergenov — bkadirbergenov B
Логотип телеграм канала @bkadirbergenov — bkadirbergenov
Адрес канала: @bkadirbergenov
Категории: Блоги
Язык: Русский
Количество подписчиков: 33
Описание канала:

21
Ассалаўма әлейкум, хош келдиңиз!!!
Бул каналда Қарақалпақстанда болып атырған унамлы ҳәм унамсыз өзгерислер ҳаққында жеке пикирлерим ҳаққында таныссаңыз болады.
YouTube: https://www.youtube.com/c/BakhtiyarKadirbergenov

Рейтинги и Отзывы

3.00

3 отзыва

Оценить канал bkadirbergenov и оставить отзыв — могут только зарегестрированные пользователи. Все отзывы проходят модерацию.

5 звезд

1

4 звезд

0

3 звезд

1

2 звезд

0

1 звезд

1


Последние сообщения 3

2022-04-20 10:21:31 1154 – бул Электр тармақларының қысқа номери

Қарақалпақ тилин еситип баҳа бериң. Бул не, қарақалпақ тилин масқаралаў ма!?

Исенбесеңизлер, "1154" номерине қоңыраў шалып көриң.

Соңғы жаңалықлар
2.7K viewsКадирбергенов Бахтияр, 07:21
Открыть/Комментировать
2022-04-19 11:29:35
13-aprel kúni Uzaqbaev Quralbayǵa tiyisli puqaralıq pasportı joytılǵan. SQB (ПСБ) bank kóshesi hám 27-marshrut jolı boylap Yurfakqa shekemgi bolǵan aralıqta túsip qalǵan bolıwı múmkin.
Kórgen, bilgen, tawıp alǵanlar bolsa ótinish, +998996816251, +998919384737 telefon nomerlerine xabarlasıń, súyinshisi bar!
@kural_uzaqbaev

Ótinish, tarqatıp jibereyik jaqsılar!
3.4K viewsКадирбергенов Бахтияр, 08:29
Открыть/Комментировать
2022-04-17 10:51:09
Бүгин кешки саат 22:00-23:00 арасында Жеңисбек Пиязовтың концертине 3-мирәтнама ойналады. Умытып кетпең.

Каналға силтеме:
https://t.me/+OxUcRR92zzw3YmY6
3.6K viewsКадирбергенов Бахтияр, 07:51
Открыть/Комментировать
2022-04-16 21:08:41 «Лаккылар Лигасы» шерек финал ойынлары кашан шыгады, деген сораулар кобейип кетти. Откенде айтканымдай енди бир айсыз телевизордан берилмейди деген едим, уадемнин устинен шыктым))

4 кун катара болган шерек финал ойынларын ертен саат 22:оо де АТВ каналынан корсениз болады. Усылай етип хар кала куни (4 кала куни катара) саат 22:оо де тамашаласаныз болады.

ПыСы: Ютубка кашан шыгатугынын билмеймен, менинше 4-5 кунде ол жакка да шыгып калса керек.

Ютуб канал: https://youtube.com/c/ATVtelekanali

@bkadirbergenov
2.4K viewsКадирбергенов Бахтияр, 18:08
Открыть/Комментировать
2022-04-16 14:11:32
#Рәсмий_мүнәсибет
ЖӘМИЙЕТШИЛИК ПИКИРИ ИТИБАРЫМЫЗДА

Социаллық тармақларда көпшиликтиң талықлаўына себепши болған Кегейли районы "Бахытлы" мәкан пуқаралар жыйынында Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылған китапхана имаратының "ZAHIRIDDIN MUHAMMAD BOBUR NOMIDAGI AXBOROT KUTUBXONA MARKAZI" атамасы район ҳәкими Д.Утемуратовтың усынысы менен "ZAHIRIDDIN MUHAMMED BABUR ATÍNDAǴÍ MÁLIMLEME KITAPXANA ORAYÍ" деп латын жазыўы тийкарында қарақалпақ тилине өзгеритилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
2.1K viewsКадирбергенов Бахтияр, 11:11
Открыть/Комментировать
2022-04-16 01:57:38 Ойлар ишине тартып кетиу кабилетине ийе. Баганагы сораулардан сон, отмишке, сонынан ата-анамды, сонынан кылган кате-кемшиликлеримди, сонынан колдан кеткен имканиятлар хаккында бир катар ойлап шыктым. Кулласы еле уйыкламадым, менинше бугин уйыкламайтугыным анык болса керек, мына турысында.

Бираз шалгыйын деп ютубды аштым. Ютубдагы нарселер ишинен басында озиме керек хар турли темалар бойынша подкаст, аудиокастларды тынладым. Сонынан, бас ауырып кеткени ушын, азмаз косык еситейин деп асте тынлай басладым. Аттен, озимизде, мотивация берерлик берерлик, патриотлык жанрында косыклар аз болганлыгы себепли казакша, кыргызша косыкларды тынлауга мажбурмиз.

Усы Казак эстрадасында маган бир топар унайды. Онын унауынын себеби де озгеше. Олар тек гана усы тарау ийеси емес, олар экономист, олар юрист, олар политолог, олар хамме нарсе. Неге? Себеби, олар сондай етип клип шыгарады, хар бир клипинде Казакстанда болырп атырган уакыя хам хадийселерди астарлап клиплеринде шыгарады. Соншелли астарлап шыгарады, хатте олар устинен арызланып ушын хатте хешкимгеде имкан калдырмайды. Клиплерин карап отырып, сонгы уакытлары Казакстанда кандай адилсизлик болып атырганын билиуге болады.

ПыСы: Кеширим сорайман, бираз уйкым келди. Бул Ирина Каратовна топары хаккында еди. Бизгеде усындай бир группа керек. Егер, усындай группа ашылса, мен бир омир усы группаны бийпул коргау ушын шартнама дузген болар едим.

@bkadirbergenov
1.4K viewsКадирбергенов Бахтияр, 22:57
Открыть/Комментировать
2022-04-15 23:56:25 ​​Уйқым қашты.... Уйқымды урлаған сораўды сизлерге де бермекшимен. Бул Қарақалпақстан ушын соңғы 5 жылда ең жақсы ҳәм ең жаман хабар.

1. Соңғы 5 жылда Сизди қатты қуўандырған ең жақсы хабар. Сондай хабар болсын, сол хабар арқалы басшыларымызға разы емес екениңизди билейик.

2. Соңғы 5 жылда Сизди қатты қапа қылған ең жаман хабар. Сондай хабар болсын, сол хабар арқалы басшыларымызға наразы емес екениңизди билейик.

ПыСы: Хабарлар тек ғана Қарақалпақстанға тийисли болсын.

@bkadirbergenov
1.7K viewsKBD, 20:56
Открыть/Комментировать
2022-04-15 18:33:38
​​Кеше жақында каналымнан ақ терек, қара тал шүлликлери бар ма деп сорағаным көпшиликтиң есинде шығар. Усы каналда 3 адамға хабарласып, 4оо ге шамалас етип шүллик таярлап алып едим. Еге алғанымызша егип, еге алмағанымызды "кейин егемиз" деп усылай салмаға…
4.3K viewsКадирбергенов Бахтияр, 15:33
Открыть/Комментировать
2022-04-15 11:29:20 ​​Кеше жақында каналымнан ақ терек, қара тал шүлликлери бар ма деп сорағаным көпшиликтиң есинде шығар. Усы каналда 3 адамға хабарласып, 4оо ге шамалас етип шүллик таярлап алып едим. Еге алғанымызша егип, еге алмағанымызды "кейин егемиз" деп усылай салмаға қойып кетип едим. Арадан 2 ҳәпте өтип кетти. Барып егиўге "уже қуўрап қалған шығар" деп барған жоқ едим. Бүгин келип қарасам, усы турысында өсип атыр екен.

ПыСы: Мениң үмитип сөнгени менен, булардың еле өсиўден үмити сөнбеген екен.

Қарап отырып көп нәрсе үйрениўге болады екен бул жағдайдан.

Бул шүлликлерди көрип Сизиң ойыңыздан нелер кешти? Мысалы маған бул шүлликлер, "сен мени жерге қадап кет, ары қарай өзим жасаў ушын гүресемен дегендей болды.

@bkadirbergenov
5.9K viewsKBD, 08:29
Открыть/Комментировать
2022-04-15 09:00:09 ҚАРАҚАЛПАҚ ФИЛАРМОНИЯСЫ

(Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими жәмәәтин бүгинги байрам менен қутлықлайман.)

Қәсийетли бул алтын ирге.
Мәдениятты таратар елге,
Ҳәр биринде өзгеше талант,
Хызмет етер көркем-өнерге.

Кеўли тасып, жүзлери жанып,
Бақсы айтар ҳәр сөзин анық.
Бүлбил сайрап турғандай бағда,
Қулағыңның қурышы қанып!

Қосық, нама – сезим дүньясы,
Илҳәм берер миллий мийрасы.
Әдеп-икрам нурларын шашқан,
Қарақалпақ филармониясы!

Йошлы нама жанды сөтеди,
Қус пәрўазы көкке жетеди,
Сазенделер сазын сазлаўдан,
Шаршағаның шығып кетеди.

Көз алдымда, қыял-ойым да.
Сән-салтанат байрам, тойымда,
Қулпы дөнип ашылған гүлдей,
Миллийлик бар аяқ-ойында!

Жигит-қызлар ойынға түсер,
Жас үлкенлер жаслығын еслер.
Кеўиллерде илҳәм оятар,
Бүлбил яңлы сайраған сеслер,

Устазлардың алтын уясы,
Мәнәўияттың қойыў саясы.
Мәртебели, татыў жәмәәт,
Қарақалпақ филармониясы!

Байжан УЗАҚОВ,
Нөкис қаласы.

@bayjan_uzaqov
5.6K viewsКадирбергенов Бахтияр, 06:00
Открыть/Комментировать