Соған бола: шет тиллер ямаса кәсип бойынша илимий тәжирийбе имтиханларын тапсырыў менен байланыслы ғәрежетлерди қаплаў ушын, егер олар табыслы тапсырылғанда - БЕМниң 3 есесине шекем болған муғдарда (810 мың сўмға шекем);
жол билетин сатып алыў менен байланыслы ғәрежетлерди қаплаў ушын - БЕМниң 2 есесине шекем болған муғдарда (540 мың сўмға шекем);
раўажланған мәмлекетлерде мийнет жумысын әмелге асырыўға “жумысшы виза”ны рәсмийлестириў менен байланыслы ғәрежетлерди қаплаў ушын - БЕМниң 5 есесине шекем болған муғдарда (1 миллион 350 мың сўмға шекем) компенсация төленеди.