Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

Migrant_QR

Логотип телеграм канала @migrant_qr — Migrant_QR M
Логотип телеграм канала @migrant_qr — Migrant_QR
Адрес канала: @migrant_qr
Категории: Карьера
Язык: Русский
Страна: Узбекистан
Количество подписчиков: 82
Описание канала:

Бул каналда мийнет мигрантлары ушын керекли жаңалықлар, нызамшылықтағы өзгерислер ҳаққында мағлыўматлар бериледи.
Пикир ҳәм усыныслар, реал ўақыя-ҳәдийселер ямаса админге мүрәжат жоллаў ушын төмендеги ботқа хабарласың
@Migrant_murajatbot

Рейтинги и Отзывы

3.67

3 отзыва

Оценить канал migrant_qr и оставить отзыв — могут только зарегестрированные пользователи. Все отзывы проходят модерацию.

5 звезд

0

4 звезд

2

3 звезд

1

2 звезд

0

1 звезд

0


Последние сообщения

2021-10-14 20:11:57 Miynet migrantlarına kompensaciya tólenedi

@makanuzFM
237 views17:11
Открыть/Комментировать
2021-10-14 18:11:50 Мийнет мигрантларына компенсация төленеди

2022-жылдың 1-сентябрине шекем “Labor-Migration” дәстүрий комплексинде дизимнен өткен, кәсип-өнер ямаса шет тиллерге оқыған ҳәм шөлкемлестирилген мийнет миграциясына кетип баратырған пуқаралар ушын компенсация төленеди.

Соған бола:
шет тиллер ямаса кәсип бойынша илимий тәжирийбе имтиханларын тапсырыў менен байланыслы ғәрежетлерди қаплаў ушын, егер олар табыслы тапсырылғанда - БЕМниң 3 есесине шекем болған муғдарда (810 мың сўмға шекем);

жол билетин сатып алыў менен байланыслы ғәрежетлерди қаплаў ушын - БЕМниң 2 есесине шекем болған муғдарда (540 мың сўмға шекем);

раўажланған мәмлекетлерде мийнет жумысын әмелге асырыўға “жумысшы виза”ны рәсмийлестириў менен байланыслы ғәрежетлерди қаплаў ушын - БЕМниң 5 есесине шекем болған муғдарда (1 миллион 350 мың сўмға шекем) компенсация төленеди.

@migrant_QR
254 views15:11
Открыть/Комментировать
2021-01-09 09:58:38
Шет елге биометрикалық паспорт пенен кеткенлер өз паспортын «қызыл паспорт»қа қалай алмастырады?

«Истиқболли авлод» Республика социал-информациялық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими.
Биз адам саўдасына қарсы ҳәм ҳәр қыйлы зорлық түрлерине қарсы гүресемиз.
Мүрәжат ушын телефон: 95 605 94 94. Усы номерде Ватсап ҳәм Телеграм мессенжери бар.

@QR_Istiqbolli_avlod
852 views06:58
Открыть/Комментировать
2021-01-08 20:58:52
Пропискадан шықсақ Қазақстанға өте аламыз ба?

«Истиқболли авлод» Республика социал-информациялық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими.
Биз адам саўдасына қарсы ҳәм ҳәр қыйлы зорлық түрлерине қарсы гүресемиз.
Мүрәжат ушын телефон: 95 605 94 94. Усы номерде Ватсап ҳәм Телеграм мессенжери бар.

@QR_Istiqbolli_avlod
885 views17:58
Открыть/Комментировать
2021-01-08 20:58:52
Шет елге шығыў паспорты менен байланыслы пуқаралардағы надурыс түсиниклер

«Истиқболли авлод» Республика социал-информациялық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими.
Биз адам саўдасына қарсы ҳәм ҳәр қыйлы зорлық түрлерине қарсы гүресемиз.
Мүрәжат ушын телефон: 95 605 94 94. Усы номерде Ватсап ҳәм Телеграм мессенжери бар.

@QR_Istiqbolli_avlod
732 views17:58
Открыть/Комментировать
2021-01-08 20:58:51
Шет елге шығыў паспортын кимлер алады?
Керекли ҳүжжетлер, төлемлер ҳаққында мағлыўмат

«Истиқболли авлод» Республика социал-информациялық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими.
Биз адам саўдасына қарсы ҳәм ҳәр қыйлы зорлық түрлерине қарсы гүресемиз.
Мүрәжат ушын телефон: 95 605 94 94. Усы номерде Ватсап ҳәм Телеграм мессенжери бар.

@QR_Istiqbolli_avlod
689 views17:58
Открыть/Комментировать
2020-12-26 13:06:43 Шет елдесиз бе?

Қандай да бир машқалаға ушырадыңыз ба?
- Ўатанға қайтыўыңызда қыйыншылық бар ма?
- ҳүжжетлериңиз жоғалды ма?
- сизди алдады ма?
- СИЗГЕ ЖӘРДЕМ КЕРЕК ПЕ?

«Әҳмийетли байланыс»қа қоңыраў етиң:

Ташкент: +99895 143 94 94
Нөкис: +99895 605 94 94
Үргенч: +99899 509 94 94
Наманган: +99895 301 94 94
Бухара: +99895 514 94 94
Гүлистан: +99895 290 94 94
Қаршы: +99895 479 94 94
Самарқанд: +99899 529 94 94
Жиззах: +99891 197 94 94
Андижан: +99895 201 94 94
Сурхандәрья: +99899 069 94 94
Наўайы: +99899 619 94 94
Ферғана: +99899 798 94 94

Яки бизиң @ChoyxonaNews’да мийман болып, ҳуқықый усыныслар, ең әҳмийетли хабарлар, пайдалы видеороликлер менен танысып барың.

@QR_Istiqbolli_avlod
1.1K views10:06
Открыть/Комментировать
2020-12-24 17:50:26 Сораў: Ертеңнен баслап шегарада экспресс тест тапсырыў мәжбурий болады екен. Егер экспресс тест тапсыратуғын болсақ, онда ПЦР тест мағлыўматнамасын алып жүриў шәрт емес пе?

Қазақстанның Черняевка шегара өткериў постынан Өзбекстанға өтиў ушын Қазақстан ПЦР нәтийжеси болмаса өткермейди, бизлердиң шегарашылар кирип киятырғанлардың ПЦР мағлыўматнамасы болмаса киргизбейди. ПЦР мағлыўматнамасы барлардан және экспресс тест алынады.

Сораўға жуўапты Қарақалпақстан Республикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлығы басқармасы баслығының I-орынбасары Венера Абдусаттарова берди.

Мағлыўмат ушын, Республика арнаўлы комиссиясының қарары менен 2020-жыл 25-декабринен баслап Өзбекстанға кирип киятырған пуқаралар коронавирус инфекциясы антигенин анықлаў экспресс тестин тапсырыўы керек.

Экспресс тест аэропортларда, темир жол вокзалларында ҳәм шегара пунктлеринде Өзбекстанға келиўшилердиң өз есабынан әмелге асырылады.

Бул тәртипке бола, Ковид-19ға тапсырылған ПЦР тесттиң терис нәтийжеси ҳаққында мағлыўматнамаға ийе адамлардан да экспресс тест алынады.

Экспресс тест нәтийжелери оң шыққанда наўқаслар коронавирус инфекциясын емлеўге қәнигелескен медицина мәкемелерине жайғастыралады ямаса үй шәраятында емлениўге жибериледи.

Makan.uz

@makan_uz
982 views14:50
Открыть/Комментировать
2020-12-23 18:43:08
#Билесиз_бе?

Ҳәмме ушын әҳмийетли санлар

Ҳәзирги күни Өзбекстан Республикасы аймағында:

мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – 679 330 сўм;
базалық есаплаў муғдары – 223 000 сўм;
пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 262 470 сўм;
жасқа байланыслы ең кем пенсиялар – 513 350 сўм;
балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа – 513 350 сўм;
зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа – 315 030 сўмнан ибарат.

Мағлыўмат жазылған сәне: 23.12.2020

Аўдарма: @QR_Istiqbolli_avlod
868 views15:43
Открыть/Комментировать
2020-12-10 10:33:38 Мийнет мигрантлары мүрәжатлары менен ислеўши жаңа платформа жаратылды

Сырт елде ислеў нийетинде болған, сырт елде ўақтынша мийнет искерлигин әмелге асырып атырған ямаса мийнет миграциясынан ўатанға қайтқан пуқараларда миграция ҳәм реинтеграция менен байланыслы көплеген сораўлар, усыныслар ямаса машқалалар бар болыўы тәбийий.

Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ҳәм Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми менен биргеликте мийнет мигрантлары ушын ашық сәўбет имканиятын жаратыў мақсетинде мийнет миграциясы тараўындағы жаңалықларды пуқараларға жеткериў, оларға оператив ҳуқықый мәсләҳат бериў ҳәм мүрәжатларын онлайн қабыллаў ушын қолайлы болған consalting.labormigration.uz платформасын иске түсирди.
Бул платформа арқалы саат 09.00 нан 18.00 ге шекем ҳәр күни (шемби ҳәм екшемби күнлеринен тысқары) тараў қәнигелери тәрепинен онлайн консультациялар берип барылады.

Оператив онлайн мәсләҳат алыў ушын consalting.labormigration.uz платформасы арқалы сораў бериў мүмкин, делинген Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги хабарында.

Аўдарма: @QR_Istiqbolli_avlod

@makan_uz
1.2K views07:33
Открыть/Комментировать