Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

Сораў: Ертеңнен баслап шегарада экспресс тест тапсырыў мәжбури | Migrant_QR

Сораў: Ертеңнен баслап шегарада экспресс тест тапсырыў мәжбурий болады екен. Егер экспресс тест тапсыратуғын болсақ, онда ПЦР тест мағлыўматнамасын алып жүриў шәрт емес пе?

Қазақстанның Черняевка шегара өткериў постынан Өзбекстанға өтиў ушын Қазақстан ПЦР нәтийжеси болмаса өткермейди, бизлердиң шегарашылар кирип киятырғанлардың ПЦР мағлыўматнамасы болмаса киргизбейди. ПЦР мағлыўматнамасы барлардан және экспресс тест алынады.

Сораўға жуўапты Қарақалпақстан Республикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлығы басқармасы баслығының I-орынбасары Венера Абдусаттарова берди.

Мағлыўмат ушын, Республика арнаўлы комиссиясының қарары менен 2020-жыл 25-декабринен баслап Өзбекстанға кирип киятырған пуқаралар коронавирус инфекциясы антигенин анықлаў экспресс тестин тапсырыўы керек.

Экспресс тест аэропортларда, темир жол вокзалларында ҳәм шегара пунктлеринде Өзбекстанға келиўшилердиң өз есабынан әмелге асырылады.

Бул тәртипке бола, Ковид-19ға тапсырылған ПЦР тесттиң терис нәтийжеси ҳаққында мағлыўматнамаға ийе адамлардан да экспресс тест алынады.

Экспресс тест нәтийжелери оң шыққанда наўқаслар коронавирус инфекциясын емлеўге қәнигелескен медицина мәкемелерине жайғастыралады ямаса үй шәраятында емлениўге жибериледи.

Makan.uz

@makan_uz