Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

Мийнет мигрантлары мүрәжатлары менен ислеўши жаңа платформа жа | Migrant_QR

Мийнет мигрантлары мүрәжатлары менен ислеўши жаңа платформа жаратылды

Сырт елде ислеў нийетинде болған, сырт елде ўақтынша мийнет искерлигин әмелге асырып атырған ямаса мийнет миграциясынан ўатанға қайтқан пуқараларда миграция ҳәм реинтеграция менен байланыслы көплеген сораўлар, усыныслар ямаса машқалалар бар болыўы тәбийий.

Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ҳәм Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми менен биргеликте мийнет мигрантлары ушын ашық сәўбет имканиятын жаратыў мақсетинде мийнет миграциясы тараўындағы жаңалықларды пуқараларға жеткериў, оларға оператив ҳуқықый мәсләҳат бериў ҳәм мүрәжатларын онлайн қабыллаў ушын қолайлы болған consalting.labormigration.uz платформасын иске түсирди.
Бул платформа арқалы саат 09.00 нан 18.00 ге шекем ҳәр күни (шемби ҳәм екшемби күнлеринен тысқары) тараў қәнигелери тәрепинен онлайн консультациялар берип барылады.

Оператив онлайн мәсләҳат алыў ушын consalting.labormigration.uz платформасы арқалы сораў бериў мүмкин, делинген Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги хабарында.

Аўдарма: @QR_Istiqbolli_avlod

@makan_uz