Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

bkadirbergenov

Логотип телеграм канала @bkadirbergenov — bkadirbergenov B
Логотип телеграм канала @bkadirbergenov — bkadirbergenov
Адрес канала: @bkadirbergenov
Категории: Блоги
Язык: Русский
Количество подписчиков: 33
Описание канала:

21
Ассалаўма әлейкум, хош келдиңиз!!!
Бул каналда Қарақалпақстанда болып атырған унамлы ҳәм унамсыз өзгерислер ҳаққында жеке пикирлерим ҳаққында таныссаңыз болады.
YouTube: https://www.youtube.com/c/BakhtiyarKadirbergenov

Рейтинги и Отзывы

3.00

3 отзыва

Оценить канал bkadirbergenov и оставить отзыв — могут только зарегестрированные пользователи. Все отзывы проходят модерацию.

5 звезд

1

4 звезд

0

3 звезд

1

2 звезд

0

1 звезд

1


Последние сообщения 5

2022-04-12 16:39:49
Өзбекстанда әпиўайы муғаллим Spark сатып алыўы ушын қанша ўақыт керек?

Муғаллимлердиң бүгинги күндеги орташа ис ҳақысы 2,6 миллион сумды қурайды.
Өзбекстандағы Chevrolet Spark'тың баҳасы төмендегише:
«Автомат» — 92 мииллион 821 мың сум;
«Механика» — 73 миллион 262 мың сум;
Сол себепли, муғаллим айлық ис ҳақысының барлығын машинаға жыйнаса:
«Автомат» ушын 35 ай;
«Механика» ушын 28 ай ис ҳақысын жумсамай жыйнаўы керек.
Егер мийнет ҳақысына азық-аўқат, коммуналлық хызметлер ҳәм күнделикли мүтәжликлер ушын пулдан алып қалынбаса, муғаллим орташа 6-8 жыл ишинде машинаға ийе болыўы мүмкин.
«Сол арада машина баҳасы көтерилмесе!»

Канал силтемеси @qqshayirlar
6.5K viewsКадирбергенов Бахтияр, 13:39
Открыть/Комментировать
2022-04-12 10:24:01 ​​Дурыс па?

@bkadirbergenov
6.6K viewsKBD, 07:24
Открыть/Комментировать
2022-04-12 07:02:41 ​​Неше секунд (минут) күлмей тура алдыңыз?

Өзим 37 секунд тура алдым))

@bkadirbergenov
8.0K viewsKBD, 04:02
Открыть/Комментировать
2022-04-11 21:11:03
Ассалаўма әлейкум!

Алдымыздағы 24 саат ишинде 1-сораў каналымызға салынады.
6.1K viewsКадирбергенов Бахтияр, 18:11
Открыть/Комментировать
2022-04-11 12:53:28
Кеше Женисбек пенен сойлестим. «2 миратнама аз болады, сонын ушын 4 миратнама ойнатайык, сораулар болса менин ыкласбентлериме ансатырак болсын, сол ушын сорауларды озим беремен. Сораулар тийкарынан менин озиме байланыслы сораулар болады» деди. Менде «якшы» дедим.

Хазирше 1 сорауы тайын, Ойлап калман кыйын сораулар деп, сораулар ансат. Ал онда Аямауыз агза болып отырын, кашан сорау ойналады сол каналда айтамыз.

ПыСы: Каналды сыртынан баклай алмайсыз, каналды хазирше жабык етип койыппыз. Сиз заявка жибересиз, сизди админлер кабыллайды хам автомат рауиште сол сорауларга жууап бериу ушын катнасыушыга айланасыз.

Каналга агза болыу:
https://t.me/+GzVnNQ-0FYxmOTcy

@bkadirbergenov
7.1K viewsКадирбергенов Бахтияр, edited  09:53
Открыть/Комментировать
2022-04-11 11:57:55 https://asia.mostbeautygirl.com/contests/durdana-muratova

https://asia.mostbeautygirl.com/contests/muratova-dilnaza

Рамазан айында барше нийет тилеклериниз кабыл болгай.
Мына 2 кызымызга "голосовать" етип жиберин, конкурста женип шыгыуына улес коскан боласыз.

@bkadirbergenov
6.9K viewsКадирбергенов Бахтияр, 08:57
Открыть/Комментировать
2022-04-10 14:12:44 Жаңа баслама: Рамазан айында бийпул такси хызмети ҳәм азық-аўқат тарқатыў

Жаслар ислери агентлиги "Қарақалпақстан волонтёрлары" нәўбеттеги қайырқомлық акциясына старт берди.
6.9K viewsКадирбергенов Бахтияр, 11:12
Открыть/Комментировать
2022-04-10 13:10:20
Қосымша мағлыўмат

2022-жыл 10-апрель күни Хожели районы "Янги ҳаёт" көшесинде жасаўшы 1991-жылы туўылған Ф.Хның қарсысына қозғатылған жынаят иси бойынша ӨзР ЖКниң 110-статьясы 2-бөлиминиң "а" ҳәм "в" бәнтлери менен гүмандар деп табылып, қамаққа алынды.
Жас өспиримлер 2017-жылы туўылған Х.Ш ҳәм 2019-жылғы Х.Аның мәмлекет тәрепинен қәўипсизлиги тәмийинленип, нызамлы тәртипте әкеси А.Аның қарамағына тапсырылды.
Бүгинги күнде жас өспиримлердиң ден саўлығы ҳәм руўхый ҳалаты шыпакерлер тәрепинен бақлаўға алынды.
Ҳәзирги ўақытта жынаят иси жоқары турыушы ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепиненде айрықша қадалаўға алынған.
Жас өспиримлердиң жағдайы ҳәм тергеў барысы ҳаққында басқышпа - басқыш мағлыўмат берип барылады.

Каналға ағза болыў
@xodjeyli_rk
7.1K viewsКадирбергенов Бахтияр, 10:10
Открыть/Комментировать
2022-04-10 10:07:13 ​​Жокарыдагы видео кеше маганда келди. Сойлеу диалектикасына карап бул уакыя Кубла район тареплерде болган, алжасып Хожели деп жиберген шыгар деп ойлап едим. Себеби, Хожелишилер менен Кубла райондагылардын сойлеу диалекти еки турли. Сонынан, буны тийисли адамларга таслап сорап кордим. Оларда бул Хожелишилердин сойлеуи емес, анык Торткулдин сойлеулерине уксап тур деди. Гуманланганымызша бар екен, бул хаялдын омирлик жолдасы Торткулден, ал, хаялы болса Хожелиши екен.

Бул видеоны маган каналынызга таслап берин, деп отиниш кылды. Видеоны ырасы ашып толыгы менен коре алалмадым. Уакыяны толык кориу ушын 3-4 болип кордим. Хамде бул видеоны шыгара алмасымды айттым. Себеби, менин каналымда бул видео шыкса, ол адам корсе, балаларына бир нарсе ислеп кояма деген гуман кетти. Балалардын кауипсизлигин ойлаган халда тийисли адамларга конырау етип, арнаулы группа дузип, таннын атыуын куттим. Сол арада бул ким, кай жерде турады, хазир кайжакта улыума керекли маглыуматларды туни менен топладык. Тунги саат 3ке шамаласканда барлыгын билип алдык. Азанда саат 7де уйден шыгып сол уйге бардык. Жами 9 машина адам.

Бардык. Хаммеси уйинде екен. Хаялды тынладык. Айтты не себеп екенин. Бирак, менин кулагыма кешеги видеоны коргеннен кейин, бирде-бир гапи жакпады. Сонынан далага шыгып кеттим. Карсы уй алдында кишкене гуржи ийтти кордим. Асте-акырын барып едим, ийти урип кетти, себеби сол ози жатырган жерде кушиклери бар екен. Ойымнан кешкени, бир жакта адам оз баласын олеси кылып урып атыр, бир жакта бир хайуан балаларына мени жакынлатпайын деп маган хамлеге таяр тур. Негизи керисинше болыуы керек емес пе? Негизи адам саналы ал, мына ийт адамга караганда санасыз емес пе?...

Районлык ИИБге бардык, озим беремен деген сорауларымды сол жерде бердим, бирак, баганагы гап, бирде-бир жууабы кулагыма унамады. Районлык ИИБ баслыгы бул бойынша ис ашылатугынын айтты. Сонын менен хазир уйге кайтып келдим.

Отинишим бар!!!

Хурметли социаллык тармаклардан пайдаланыушы журналистлер, блогерлер, пайдаланыушылар. Бул видеоны оз страницаларынызга, телеграм каналларынызга коймауынызды сорап каламан. Ойткени, бунын кери тасир етиуи бар. Адамнын кози бундай нарселерди корип уйренип калса жауызласып бара береди. Ал, журеклери елжиреп турган адамлардын болса бул видеоны корип болып озлерин бирнеше кунге шекем ала алмай журиуи де мумкин. Мени тусинесиз деген умиттемен. Алдыннан рахмет.

Фотода сол 2 кыз. Наестелер исенимли колларда хам олар хазир кауипсиз жерде.

@bkadirbergenov
11.0K viewsKBD, 07:07
Открыть/Комментировать
2022-04-10 09:30:13
РӘСМИЙ МҮНӘСИБЕТ

2022-жыл 9-апрель күни айрым социал тармақларда Хожели районында жасаўшы "Ана" өз перзентлериниң қәдир - қымбатын аяқ асты етиўши сөзлер айтып, қорқытып, қыйнап, оларға қопал мүнәсибет билдирген хәм күш көрсеткенлиги менен байланыслы видео материал тарқалды.

Видеода сәулеленген барлық шахслар шеңбери толығы менен анықланып, ҳәзирги ўақытта Хожели районы ИИБ тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 110-статьясы 2-бөлими "а", "в" бәнтлери (жас өспирим хәм әззи аҳўалдағы шахсларды қыйнаў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Бул ўақыя Хожели районы ҳәкимлиги ҳәм прокуратура тәрепинен айрықша қадағалаўға алынып, балалар ҳуқықларын қорғаў ҳәм басқада тийисли шөлкемлер менен биргеликте арнаўлы исши топар дүзилип, кешиктирип болмайтуғын жумыслар әмелге асырылмақта.

Нәтийжеси ҳаққында социал тармақлар арқалы халыққа қосымша мағлыўмат берип барылады.

Хожели районы хәкимлигиниң
Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў
@xodjeyli_rk
6.5K viewsКадирбергенов Бахтияр, 06:30
Открыть/Комментировать