Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

Бәршеге тийисли қысқа мағлыўматлар: 1. Нөкис қаласындағ | Nukus Chat Channel

Бәршеге тийисли қысқа мағлыўматлар:


1. Нөкис қаласындағы Орайлық дийқан базары, Темир жол тәрептеги кишкене саўда комплекси (ЖД вокзал базарчик) 27 апрель — 3 май сәнелери ҳәптелигинде: сийшемби (2-ши күн), пийшемби (4-ши күн), шемби (6-шы күн) ҳәм Екшемби (7-ши күн) күнлери – азаңғы саат 08:00ден түски саат 12:00ге шекем ашық турады.

**********************


2. Банклерге жумыс ҳәптениң 1-5 күнлери аралығында. Кредит (процент) төлеў – тек онлайн тәризде әмелге асырылып атыр. Пул өткериў (перевод) мәселеси (9 цифр, 16 цифр, Виза доллар) – тек айырымларында ислеп турыпты. Ҳәмме банклерде кредит берилиўи тоқтатылып турыпты. Қашан ашылатуғынлыгы – белгисиз. Овердрафт қарыз-кредит түри ислеп турыпты.

**********************


3. Автосалонларға автомобильлер келип турыпты. Таза автомобильге сол автосалонның өзинде ЖҲҚ (ГАИ) басқармасы хызметкерлери тәрепинен автономерлер берилип атыр. Басқа гөне автомобильлерге тийисли номер өзгертиў, агрегат бастырыў мәселеси бойынша сораўлар – карантин тамам боламан дегенше қабылланбайды.

**********************


4. Велосипедте тек ғана үй-жумыс-үй бағдарына рухсат бериледи. Шәртли түрде жаныңызда: Гүўалық, жеке паспорт ҳәм сол күнге жумысқа шақырылғанлығы хаққында мағлыўматнама (справка). Мағлыўматнама (справка) – ҳәр күнге бөлек-бөлек болыўы керек. Илажы барынша – жаныңызға мийнет дәптершесиниң ксеро нусқасын (ксерокопиясын) қосып алып жүриң. Бул шәртлер толығы менен орынланбаған жағдайда ямаса велосипедти ҮЙ-ЖУМЫС-ҮЙ бағдарында емес, басқа мақсетте пайдалансаңыз – велосипедиңиз ўақтыншалық жәрийма майданшасына алып қойылады.

**********************


5. Жеке меншик автомобильден тек ғана қыстаўлы медициналық жәрдем ушын пайдаланыўға рухсат етиледи (экстренный больница, роддом). Бул жағдайда емлеўханаға алып барылып атырған наўқасты емлеўхана шыпакерлери көриктен өткерип болғансоң – шәртли түрде үйге қайтыў жолына Мағлыўматнама (справка) сораң. Автокөликти базарға барыўға, картошка-ун-нәл алып қайтыўға, ҳ.т.б. мақсетлерде пайдаланыў ушын арнаўлы рухсатнамасы жоқ. Автомобильлер ўақтынша жәрийма майданшасына алып барылады, айдаўшысы болса карантин режимин бузғанлығы ушын жәриймаға (4,5 млн сум) тартылады.

**********************


6. Мүтәж кем тәмийинленген шаңарақларға Қәўендерлик қайырқомлық жәрдемлесиў орайы тәрепинен азық-аўқатлай бийпул жәрдем көрсетиў даўам етпекте. Соның менен бирге жақыннан баслап «Саховат ва кўмак» улыўмахалықлық ҳәрекети тәрепинен атап көрсетилген шаңарақларға бийпул жәрдем көрсетиў тәртиби енгизиледи.
Орайдың қысқа телефон номери: 1197. Қалалық бөлими телефоны: (61) 222-00-94 // (61) 222-02-44 // (61) 222-05-24.

**********************


7. Нөкис қаласында дерлик бәрше такси компаниялардағы сары реңдеги автокөликлер – Жеткерип бериў (Доставка) хызметин әмелге асырып атыр. Жеткерип бериў хызмети ўақты шекленген: азаңғы 07:00-ден кешки 18:00ге шекем. Хызмет хақы - қәлеген усылда.

**********************


8. Ораза тутқанлар ушын - РАМАЗАН КАЛЕНДАРЫН (анық ўақты корсетилген) Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты —- @paziyletuz —— Телеграм каналынан табасыз


Көпшилик мекемелердиң телефон номерлерин - @nukus_chat_channel телеграм каналынан тапсаңыз болады.

@nukus_chat пенен бирге болың!

ҮЙДЕН ШЫҚПАҢ, ҮЙДЕ ОТЫРЫҢ!