Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

Ҳүрметли Ўатанласлар! Бүгин Республикамызда басланған “Мәнаўи | Музей имени Савицкого

Ҳүрметли Ўатанласлар!

Бүгин Республикамызда басланған “Мәнаўият фестивалы” шеңберинде пайтахтымызда жайласқан И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик кɵркем ɵнер музейи алдындағы ашық майданда “Жаңа Ɵзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!” сүрени астындағы гала концерт бағдарламасы болып ɵтеди.

Гала концерт бағдарламасы ɵз ишине:

«Мениң перзентим Ɵзбекстан мақтанышы!» сүрени астындағы Республикалық конференциясы шеңбериндеги жоқары жетискенликлерге ерискен жаслар ҳәм олардың ата-аналарын сыйлықлаў мәресими;

“Ɵнерментлер кɵргизбеси”;

“Бақсы-жыраўлар ҳәм қыссаханлық” кешелерин қамтып алады.

Қәдирли Ўатанласлар! Наўқыран жаслар!

Бәршеңизди Гала концерт бағдарламасына мирәт етемиз!

Гала концерт бағдарламасы 28-июнь. саат 20-00 де И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик кɵркем ɵнер музейи алдындағы ашық майданда болып ɵтеди.

Дәрек: @QR_Ruwxiyliq