Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

Хожели районындағы гербиш заводлардың биринде, бир жумысшының | bkadirbergenov

Хожели районындағы гербиш заводлардың биринде, бир жумысшының қолын гербиш ислеп шығарыўда пайдаланатуғын үскенелердиң бири жулып кеткени ҳаққында хабар келди. Атыўларға қарағанда жумысшының аўҳалы аўыр. Кешкисин сол емлеўханаға өзимде барып көрмекшимен ҳәм шыпакерлер менен сөйлесемен.

Өткенде, түнги жумыслар бойынша да жуўап келмеди. Енди өзим барып түртип сорамасам болмайжақ.

Алдымыз жаз болғаны ушын енди бул жағында усындай жаман хабарлар көп тарқайды. Солай екен Қурылыс министрлиги ҳәм жергиликли исенимли ўәкиллер бул мәселеге жақсырақ қарамаса болмайды, себеби, буның артында инсан өмири жатыр.

ПыСы: Елимизде техника қәўипсизлигин қолға алыў ўақты келди. Қуры қол қойып отыра бериўди тоқтатайық.

@bkadirbergenov