Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

​​Жоқарғы Кеңеске усыныс. 'Мениң пикирим'ге исеним жоқ екенин | bkadirbergenov

​​Жоқарғы Кеңеске усыныс.

"Мениң пикирим"ге исеним жоқ екенин көрип турғаныңыздай Расул Кушербаев айтып берди. Қарақалпақстан бул Республика. Өзиниң Нызам шығарыў органымыз бар. Мениң пикиримге уқсаған петиция сайтын иске түсирсе жақсы болар еди. Бирақ, бир нәрсени естен шығармаў керек, 34 миллион халық жасайтуғын Республикада 100 мың даўыс жыйналса, сол мәселени қайттан көрип шығады делинген. Ал, Қарақалпақстанда 1.8 миллион халық жасайды, усыған қарап 100 мың емес, мәселен 3-5 мың даўыс жыйналса қаралады деп, сол жақларында есапқа алса жақсы болар еди.

Бундай петиция сайтын иске түсирсеңиз, бириншиден халық пенен санасатуғыныңызды дәлийллейсиз, екиншиден шығарылып атырған қарарлар халыққа пайда келтирип атыр ма, зыян келтирип атыр ма оныда әмелде көрип-билип отырасыз.

@bkadirbergenov