Получи случайную криптовалюту за регистрацию!

Туран жолбарысы. Олардың қырылып кетиўиниң тийкарғы себеби, А | bkadirbergenov

Туран жолбарысы.

Олардың қырылып кетиўиниң тийкарғы себеби, Аралдың қурып қалыўы емес, керисинше адамзат баласының тәсири. Атап айтатуғын болсам, егислик жерлерди көбейтиў ушын ҳәм адамларды көширип әкелиў ушын 18-әсирди6 аяғы, 19-әсирдиң басларында дерлик қырғын келтирген. Ең соңғы жолбарыс 1984-жылы Қарақалпақстан Республикасының Тахтакөпир районында болған деген гәплерде бар (бирақ, бул мағлыўмат тастыйықланбаған).

Туран жолбарысы Орта Азияда ең ири жыртқыш ҳайўан болып есапланады. Салмағы 24о килограммға жеткенлери бар. Амур жолбарысынан парқы салмағында ҳәм екеўиниң терилеринде. Амур жолбарысы қарлы ҳәм суўық жерлерде жасаўға бейимлескен болса, Туран жолбарысы ыссы ҳәм ойпатлық жерлерде жасаўға бейимлескен.

Бирақ, Амур жолбарысынан Туран жолбарысы күшлирек болған деген дереклер баршылық, себеби, ат, түйе уқсаған жаныўарларды 1 урғанда/ бир ҳәмледе қула алған.

Жасаў жерлери Қарақалпақстаннан Египетке шекем барған.

@bkadirbergenov